Атап өтилиўинше, усы жылдың 31-майға шекем даўам ететуғын турнирде 16 мәмлекеттен 300 ге шамалас спортшы жеңимпазлық ушын гүрес алып барады.
Бағдарламаға бола, биринши күн 5 жас категориясында (U11, U13, U15, U17 ҳәм U19) дәслепки сайлап алыў беллесиўлери өткерилмекте.
