Бул ҳаққында "Дунё" мәлимлеме агентлиги хабар берди.

Усы жылдың 1-август күни Өзбекстанның Израилдағы елшиханасының басламасы менен Израилдың “GCI Gemological Centers Ltd.” компаниясы ҳәм Өзбекстандағы “Expert One” жуўапкершилиги шекленген жәмийети арасында бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылды.

Жаңа орай Ташкент қаласында жайласады ҳәм ол қымбат баҳалы тасларды “GCI” халықаралық стандартлары тийкарында баҳалаў ҳәм сертификатлаў, профессионал геммологиялық экспертизалар өткериў және усы тараўда билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў менен шуғылланады.

“GCI” компаниясының бас менеджери Йеҳуда Якардың атап өтиўинше, Өзбекстанда филиал ашыў ҳаққындағы қарар мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, инвестициялық орталықтағы унамлы өзгерислер, халықаралық исенимниң беккемлениўи ҳәм инсан капиталына болған айрықша итибар себепли қабыл етилген.

Орайдың шөлкемлестирилиўинде Израилдағы "Жаңа Өзбекстан" саўда-инвестициялық үйиниң басшысы Наргиза Қодированың белсене қатнасқаны айрықша атап өтилди. Бул үй 2024-жыл август айында Өзбекстан дипломатиялық ўәкилханасының жәрдеминде шөлкемлестирилген болып, ири саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда белсене қатнаспақта.

Мағлыўмат ушын, “GCI Gemological Centers Ltd.” - дүнья көлеминде тән алынған, Израилда жайласқан абырайлы гемология компаниясы болып, қымбат баҳалы ҳәм ярым қымбат баҳалы тасларды баҳалаў, оларды халықаралық критериялар тийкарында сертификатлаў ҳәм тараўлық билимлендириўди шөлкемлестириў бағдарларында жумыс алып барады.