Ташкенттен Хожакентке жаңа электропоезд жолға қойылды

    Ҳүкимет 6 желтоқсан 2024 2771

    Президент Шавкат Мирзиёев 6-декабрь күни «Ташкент – Хожакент» жөнелисинде жаңа электропоездды көзден өткерди.

    Мәмлекетимиз басшысының өткен жыл 10-октябрьдеги қарарына муўапық, «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети трансформацияланбақта. Жәмийет қурамында инфраструктура, вагон хызмети, жолаўшы тасыў сыяқлылар менен шуғылланыўшы 6 еркин кәрхана жумыс баслады.

    Поездлар парки де кеңейтилмекте. Әсиресе, жолаўшы тасыўда халық ҳәм туристлерге қолайлықлар арттырылмақта. Жаңа поездлар алып келинди. Ташкенттен Самарқанд, Бухара, Қаршы сыяқлы тарийхый қалаларымызға «Афросиёб» электропоездларының қатнаўлары көбейтилди.

    Өткен дәўирде елимизде 3 мың километрден аслам темир жоллар электрлестирилди. Бухара- Ургенш –Хийўа темир жол тармақларын электрлестириў жуўмақлаўшы басқышта. Мискин –Нөкис жөнелисинде жедел даўам еттирилмекте. Ташкент әтирапында да электрлескен жол қурылып, поездларды өткериў имканияты 30 процентке артты.

    Енди «Ташкент- Хожакент» жөнелисинде жаңа электропоезд қатнаўға қойылмақта. Мәмлекетимиз басшысы бул поездға шығып, ҳәрекетлениўин ҳәм қолайлықларын көрди.

    Вагонлар ықшам ҳәм жақты, жолаўшылар ушын қолайлы. Орынлықлар саны 586. Мағлыўмат таблолары ҳәм өрт қәўипсизлиги системасы орнатылған. Поезд саатына 120 километрге шекем тезликке шыға алады. Ҳәр бир тәрепке күнине үшеўден қатнаў жолға қойылады .Сапар даўамында мәмлекетимиз басшысы темир жол инфраструктурасын раўажландырыў, жолаўшылар ушын шараятларды жақсылаў, темир жолларды электрлестириў ҳәм оларға байланысқан аймақларды абаданластырыў бойынша жуўапкерлердиң есабатларын тыңлады.

    Ташкент ҳәм Хожакент аралығындағы темир жолға байланысқан майданларды 2025-жылдың реновация бағдарламасына киргизип, оларды тәртипке келтириўге көрсетпе берилди. Жөнелистиң қыйсық бөлеклерин туўрылап қайта қурыў арқалы күнлик экспресс поездлардың қатнаўын көбейтиў ҳәм көбирек жолаўшыларға хызмет көрсетиў ушын шараят жаратыў тапсырылды.

    «Жасыл мәкан» жойбары шеңбериндеги жумыслар да додаланды. Темир жолдың шетлерин көклемзарластырыў, суў ресурслары шекленген аймақларда сырт ел тәжирийбеси тийкарында қурғақшылыққа шыдамлы өсимликлерди егиў, сырт елден тек ғана жергиликли климатымызға бейимлескен нәллерди алып келиў керек екенлиги атап өтилди.



    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates