Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Францияға сапарын сәўлелендириўде қатнасқан журналист Азиза Қурбонова өзиниң социаллық тармақлардағы бетинде хабар берди.

Атап өтилиўинше, кеше Франция сыртқы ислер министрлигинде болып өткен министрликлер, ведомстволық ҳүжжетлерге қол қойыў мәресиминде бул бойынша жәрияланған.

Еслетип өтемиз, Ташкентте трамвай биринши мәрте 1912-жылы иске қосылған болып, қала транспорт системасында әҳмийетли орын ийелеген.

Ғәрезсизликтен кейин Ташкентте транспорт системасында автобус ҳәм метрополитенге итибар күшейди. Автомобиллер санының көбейиўи ҳәм қала инфраструктурасының өзгериўи себепли трамвай жөнелислери қысқартылды.

2016-жылы 2-майда Ташкент қаласы ҳәкимлиги трамвай системасын толық жабыў ҳаққында қарар қабыл етти.

Ҳәзирги ўақытта бар болған бирден-бир трамвай системасы Самарқандта болып, биринши мәрте 2017-жылы қайта иске қосылған.