Бул ҳаққында транспорт министри Илҳам Маҳкамов "Өзбекстан 24" телеканалына берген интервьюинде мәлим етти.
Транспорт министриниң сөзлерине бола, 2025-жылдың ақырына шекем автобус бәндиргилеринде QR-кодлы бир мәртелик қағаз билетлерди сатып алыў ушын 675 дана инфокиосклер де орнатылады.
"1-февральға шекем Ташкент қаласында жәмийетлик транспортты раўажландырыў бойынша қарар жойбары ислеп шығылады, сондай-ақ, жаңа бағдарлама қабыл етилиўи нәзерде тутылған", -деди Илҳом Маҳкамов.
Атап өтилиўинше, ҳәзирги ўақытта инфокиосклердиң улыўма саны 5100 ди қурайды, соннан 769 ы автобус бәндиргилерине орнатылған. Нақ пулда төлемлерди қабыл етиў тоқтатылғанынан кейинги 10 күнлик, 1-январьдан 10-январьға шекемги дәўирде автобусларда күнлик жолаўшы тасыў 43,5 процентке - 871 мың адамнан 1,19 миллион адамға, түсим болса 36 процентке - 8,5 миллиард сумнан 11,5 миллиард сумға артқан.