Reportтың жазыўынша, ол бул ҳаққында Truth Social социаллық тармағындағы бетинде жазған.

"Көп санлы сиясий қамақтағыларды азат етиў әҳмийетли ҳәм ақылға уғрас қәдем болып есапланады. АҚШ ҳәм Венесуэла, әсиресе, өзлериниң нефть-газ инфраструктурасын және де кең көлемде, сапалы ҳәм заманагөй түрде қайта тиклеў бағдарында табыслы бирге ислесип келмекте. Ири нефть компаниялары кеминде 100 млрд доллар инвестиция киргизеди. Бүгин олар менен Ақ үйде ушырасаман", деп жазған ол.

АҚШ Президенти, сондай-ақ, Венесуэлаға бурын күтилип атырған екинши толқынды бийкар еткенин, бирақ Америка флоты өз позицияларында қалатуғынын атап өтти.

"Усы бирге ислесиў себепли мен бурын күтилген екинши толқын ҳүжимлерин бийкарладым, оларға мүтәжлик болмайтуғындай көринеди, бирақ барлық корабллер қәўипсизлик мақсетинде орнында қалады", деп атап өткен Трамп.