Бүгин Өзбекстан Шығыс ҳәм Батысты байланыстыратуғын қурғақлықтағы ири
транспорт хабына айланыў ушын кең имканиятларға ийе. Елимиз аймағынан 4 мың
километр халықаралық әҳмийетке ийе транзит коридорлары, 4,7 мың километр темир
жол тармағы өткен.
Ташкент, Наўайы ҳәм Наманган қалаларында заманагөй транспорт-логистика
орайлары, "қурғақлық портлары" раўажланбақта. Наўайы аэропорты
Евроазия ҳаўа жөнелислеринде әҳмийетли жүк тасыў узели ўазыйпасын атқарады.
Буннан тысқары,
"Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан" темир жолының қурылысы ҳәм
Трансаўған темир жолы жойбарының әмелге асырылыўын жеделлестириў
мәмлекетимиздиң регионаллық ҳәм халықаралық транспорт системасындағы орнын және
де беккемлеўге хызмет етеди.
Бул ири
жойбарлардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде Өзбекстан Тыныш океанынан Европаға
шекемги ең қысқа қурғақлық жолының әҳмийетли буўынына айланады. Бул коридор
арқалы жүклерди жеткерип бериў мүддети 8 күнге шекем қысқарады, бул дәстүрий
жөнелислерге салыстырғанда 3 есеге аз. Буннан тысқары, Пакистанның Карачи ҳәм
Гвадар портлары арқалы Ҳинд океанына шығыў, сондай-ақ, 2 миллиардқа шамалас
халық жасайтуғын Қубла Азия базарларына ең тез жол ашылады.
Презентацияда бул
бағдарда мәмлекетимиздеги потенциалдан еле толық пайдаланылмай атырғаны атап
өтилди.
Қытай ҳәм Европа
арасындағы жыллық товар алмасыў көлеми 800 миллиард долларды, жүк тасыў көлеми
болса 120-150 миллион тоннаны қурайды. Егер Өзбекстан жылына қосымша 15-20
миллион тонна халықаралық транзит жүклерин қабыллай алса, 400-600 миллион доллар
қосымша дәрамат алыў, логистика орайлары ҳәм терминаллар қурыўға 3 миллиард
доллар сырт ел инвестициясын тартыў, 50 мың турақлы жумыс орнын жаратыў
имканияты пайда болады. Бул экономиканың өсиў пәтин 1,5-2 процентке
жеделлестириўи мүмкин.
Бирақ ҳәзирше бул
транзит айланысында Өзбекстанның үлеси 1-2 проценттен артпай атыр. 2025-жылы
транзит жүк тасыў көлеми 15,3 миллион тоннаны қурап, 2021-жылға салыстырғанда
54 процентке артқан болса да, бар потенциал буннан да жоқары нәтийжелерге
ерисиў имканиятын береди.
Есап-санақларға
бола, көплеген шегара өткериў пунктлери бар болса да, олардың көпшилиги
халықаралық жүклерди жедел қабыл етиў ҳәм рәсмийлестириў ушын жетерли өткериў
қәбилетине ийе емес. Мәмлекетимизде халықаралық талапларға жуўап беретуғын,
улыўма қуўатлылығы 27,2 миллион тонна болған 27 логистика орайы жумыс алып
бармақта. Бирақ олардан тек биреўи жоқары категорияға киреди. "А"
категориясындағы автоматластырылған қоймахана комплекслери бар талаптың тек
ғана 10-15 процентин қапламақта. Сондай-ақ, заманагөй суўытқыш ҳәм бажыхана
қоймаханалары жетиспейди.
Сондай-ақ,
логистика орайлары тийкарынан Ташкент ҳәм оның әтирапында жайласқаны,
контейнерлеўдиң үлеси төменлиги, мәмлекетлик уйымлар ҳәм жеке меншик логистика
орайларының мәлимлеме системалары толық интеграцияланбағаны, тараўды
санластырыў дәрежеси жетерли емеслиги атап өтилди.
Презентацияда
Ханабад ҳәм Ангрен қалалары, Янгийўл, Оҳангарон, Олот ҳәм Термиз районларын
транспорт-логистика тараўын раўажландырыўға қәнигелестириў усыныс етилди.
Ханабад қаласы
"Қытай жолының дәрўазасы" сыпатында Қытай - Орайлық Азия - Каспий
теңизи - Кавказ - Европа, Қытай - Орайлық Азия - Трансаўған ҳәм Қытай - Орайлық
Азия - Иран транзит жолларына хызмет көрсетеди. Ангрен қаласы, Янгийўл ҳәм Оҳангарон
районлары транзит ҳәм сыртқы саўда жүклерин аралық бөлистириў орайлары
сыпатында раўажландырылады.
Олот районы
"Орта коридор дәрўазасы" болып, Қытай - Орайлық Азия - Каспий теңизи
- Кавказ - Европа ҳәм Қытай - Орайлық Азия - Иран жөнелислерине
қәнигелестириледи. Термиз районы, өз гезегинде, "Трансаўған коридоры
дәрўазасы" сыпатында Қытай - Орайлық Азия - Трансаўған коридоры - Пакистан
транспорт жөнелисине бағдарланады.
Бул аймақларда
логистика орайларын шөлкемлестириўди режелестирген исбилерменлерге ҳәр бир
районда 50 гектардан, жәми 300 гектар жер ажыратылады. Бул мақсетлер ушын ҳәр
жылы 200 миллион доллар муғдарында жеңиллетилген ҳәм төмен процентли кредит
линияларын ажыратыў нәзерде тутылған. Логистика орайларының сыртқы
инфраструктурасы бюджет қаржылары есабынан шөлкемлестириледи.
Сондай-ақ, Қибрай
ҳәм Термиз районларында бажыхана терминаллары ҳәм автомобиль турыў орынларын
қурыў, Ханабад қаласында халықаралық темир жол шегара өткериў пунктин
шөлкемлестириў, Янгийўл районында темир жол станциясын кеңейтиў, Оҳангарон районында
"А" категориясындағы ири логистика орайын қурыў бойынша усыныслар
көрип шығылды.
Презентацияда
санластырыў ҳәм заманагөй басқарыў системаларын енгизиў мәселелерине айрықша
итибар қаратылды. Логистика орайларында терминал ҳәм қоймаханаларды басқарыў
системасын енгизиў, оларды “E-logistika” платформасы менен интеграциялаў,
автомобильлерди онлайн қадағалаў, мәмлекетлик белгилерди анықлаў ҳәм электрон
есапқа алыў системасын жолға қойыў усынысы билдирилди.
"Бир
бәндирги" (one stop) принципин енгизиў арқалы шегара өткериў пунктлеринде
жүклерди рәсмийлестириў тәртип-қағыйдаларын жеделлестириў зәрүрлиги атап
өтилди.
Тараўға жеке
меншик инвестицияларды кеңнен тартыў мақсетинде логистика орайлары ушын
заманагөй үскенелер, қоймахана ҳәм жүк түсириў техникалары, агрегатлар ҳәм
аўысық бөлеклерди алып кириўде бажыхана бажыларын ҳәм мәжбүрий сертификатлаў
талапларын әпиўайыластырыў усыныс етилди.
Президентимиз
транспорт-логистика системасы мәмлекетимиздиң экспорт потенциалын арттырыў,
инвестициялық тартымлылық ҳәм аймақларды раўажландырыўда стратегиялық әҳмийетке
ийе екенин атап өтти.
Жуўапкерлерге
халықаралық транспорт коридорларынан нәтийжели пайдаланыў, логистика орайлары
тармағын кеңейтиў, тараўды санластырыў, жеке меншик сектор ушын қолайлы
шараятлар жаратыў бойынша тапсырмалар берилди.