Дурыс, бир ғана психологтың жүзлеп, мыңлап балалар менен ислесиўи қыйын. Жумыс көп, индивидуал шуғылланыўға барлық ўақытта да имканият жоқ. Бирақ қалай болмасын, тәрбияда тәсиршеңликти арттырыў, биргеликте нәтийжелиликке ерисиў шәрт. Мәмлекетимиз басшысы қайсы тараў бойынша, қайсы темада мәжилис өткермесин, әлбетте, жас әўладтың тәлим-тәрбиясына итибарлы болыў, олардың руўхый және физикалық, ақылый бәркамал болып камалға келиўи ушын ҳәмме бирдей жуўапкер екенлигин атап өтеди.
Соңғы мағлыўматлар республикамыздағы 10 мыңнан аслам мектепте 10 мың 812 психолог жумыс ислеп атырғанын көрсетпекте. Олардың 1767 и әмелий психолог, 5780 и педагог-психолог. Усы мәниде де мектеплердеги психологлардың сапа қурамын арттырыў, оларға қолайлықлар жаратыў, жеңилликлер бериў бүгинги күнниң әҳмийетли мәселелеринен бири.
Психологлар жумысында да KPI системасы енгизиледи
Мектеп психологлары бирлессе үлкен күшке айланатуғынын усы жылы августта болып өткен республикалық семинарда көрдик. Өйткени, ең алдынғы психологлардың жаңа идеялары, жаңаша қатнаслары бир майданда жәмленди. Пүткил бир районда кәсиплеслерине жетекшилик етип атырғанлар өз тәжирийбеси менен бөлисти.
Санластырылып баратырған дәўир балалары менен ислесиў педагог ушын да, психолог ушын да аўыр. Олардың дүньяқарасын, мүтәжликлерин анықлаў, социаллық ҳәм педагогикалық жәрдем көрсетиў - булардың тийкарғы ўазыйпасы. Бирақ оқытыўшылар арасында да нервлерин жылаўлай алмай, педагогқа тән болмаған ис-ҳәрекетлерди ислеп атырғанлар ушырасып атыр. Бул психологлар хызметине зәрүрликти және де арттырады. Соннан келип шығып, тараў хызметкерлериниң шараятын жақсылаў, кәсиплик потенциалын арттырыў, әмелиятшыларды билимлендириў системасына тартыў ҳәм хошаметлеў зәрүр. Сапалық қурамын жақсылаў арқалы психологлардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў, жумыс усылын және де жетилистириў зәрүр. Себеби кейинги ўақытта перзент тәрбиясында психологларды өзине жәрдемши деп билетуғын ата-аналар көбейди. Бул психологлардың тәжирийбеси ҳәм маманлығын арттырыў, сондай-ақ, қайта таярлаў да зәрүр екенлигин көрсетпекте. Енди қәнигеликти арттырыў курсларына аймақлық педагогикалық жоқары билимлендириў мәкемелериниң қәнигелерин тренер сыпатында тартыў нәзерде тутылыўы мақсетке муўапық.
Психологлардың нәтийжелилик көрсеткишлерин анықлаў ушын болса KPI системасы ислеп шығылади. Бүгин бул система қайсы тараўға енгизилмесин, өзин ақлап атырғанының гүўасы болмақтамыз. Мектеп директоры ҳәм орынбасарларына KPI түринде ҳәр айлық үстеме төлеў тәртиби белгиленгени де бийкарға емес. Бүгин шын кеўилден ислеген, лаўазымы бойынша белгиленген талапларға жуўап берген хызметкерлер рахмет ҳәм хошамет алмақта. Демек, психологлар искерлигинде де бул система жақсы нәтийже бериўи анық. Әсиресе, ата-ана менен ислесиўдеги жетискенликлер, баланы дурыс жолға салыў, мектепте түрли кеўилсизликлердиң болмаўы сыяқлы көрсеткишлер олардың нәтийжели ислеп атырғанын көрсетеди. Жумыс өнимдарлығы артқан психолог болса ҳәзирги айлығы менен қалып кетпейди. Ол сыйлық пул, үстемелер алады.
Көпшилик мектеп психологларын қыйнап атырған бир мәселе бар - бөлек бөлме машқаласы. Тийкарында өзиниң ханасы болмаған психолог искерлигин баҳалаў дурыс па? Бул шараяттағы хызметкерлерди басқалар менен теңлестириў әдилликтен бе?
- Балалар менен дурыс ислесиў ушын өз алдына бөлме керек, әлбетте. Егер психологиялық хызмет ушын шараят болмаса, баланың келгиси келмейди, - дейди Әндижан қаласындағы 1-қәнигелестирилген мектеп-интернатының психологы Гүлноза Ашурова. - Дурыс, кейинги ўақытлары шкафымыз зәрүр китапшалар менен байып баратыр. Жаңа оқыў жылын да жетик илимий-методикалық қолланбалар менен басладық. Бул оқыўшылар ушын да, биз ушын да пайдалы болады. Сондай-ақ, бундай методикалық жәрдемлер локомотив сыпатында улыўма билим бериў мектеплери психологларына жумыс үйретиўимизде қолайлы болады.
Мектеп ҳәм ата-ана арасындағы көпир
Самарқанд ўәлаяты Ургут районындағы 156-мектеп әмелиятшы психологы Фароғат Шукурова көплеген кәсиплеслерин ата-аналар менен ислесиў мәселеси қыйнап атырғаны ҳаққында сөз етти. Мәселен, тиришилик ушын сырт елге кетип атырған айырым ата-аналар балаларын ата-апалары ҳәм басқа да туўысқанларына қалдырады. Машқалалар тийкарынан усындай балалар менен байланыслы. Дурыс, бул бойынша министрлик жуўапкер уйымлар менен биргеликте ислейди. Психолог болса ата-ана, мәҳәлле белсендилери менен де ислесиўи керек болады. Себеби, ол кеўли өксик балаларға меҳир бериў, кеўлин көтериўге де жуўапкер. Буның ушын психологтың өзи күшли болыўы зәрүр. Егер психолог жигерли болмаса, басқаларға күш бере алмайды.
Ата-аналар менен жумысларды шөлкемлестириў бойынша да жетик бағдарламалар берилмекте. Соның ишинде, ата-аналардың психологиялық машқалалары, ямаса шаңарақтың мектеп пенен қатнасықлары ҳаққындағы пикирлерди үйрениў ушын сораўнамалар таярланбақта. 18 саатлық арнаўлы курс ушын бағдарлама тастыйықланған ҳәм усы тийкарда контент те ислеп шығылмақта. Контент ҳәм онлайн курс бирден-бир санлы билимлендириў ресурслары ҳәм хызметлери порталында жайластырылады ҳәм оны ҳәр бир психолог оқыўы мүмкин. Сондай-ақ, бирден-бир санлы билимлендириў ресурсларының ашық порталы жаратылды. Порталды ата-аналар да бақлап, перзенти менен психологиялық сораўларға жуўап бериўи мүмкин. Себеби, сораўлардың жуўабы баланың минез-қулқын ашып береди.
Халықаралық билимлендириў бағдарламасы
өзбек тилинде енгизиледи
Мектеп психологларына мәҳәлледе үйме-үй жүрип, "Темир дәптер", "Ҳаял-қызлар дәптери"не киргизилгенлер менен ислесиў, оқыўшылардың сабақтан кейинги бәнтлигине байланыслы ҳүжжетпазлық сыяқлы жүклемелер жүкленген. Нәтийжеде олардың тийкарғы жумыслары қалып атырғаны ҳаққындағы наразылықларға жуўап ретинде жуўапкерлер психологларға бир қанша жеңилликлер берилип атырғанын мәлим етти.
Билимлендириў шөлкемлеринде психологиялық хизметтиң тийкарғы ўазыйпалары - педагоглар ҳәм оқыўшылар жәмәәтинде саламат орталық жаратыў, олардың машқалаларын системалы шешиў, қоллап-қуўатлаў, оқыўшылар арасында унамсыз жағдайлар жүзеге келиўиниң алдын алыўдан ибарат. Соның ишинде, мектеп жасындағы өспиримлердиң талабы, руўхый саламатлығы ҳәм абаданлығына унамсыз тәсир етиўши факторларды үйрениў, балаға қарата кери тәсирлерди жумсартыў ҳәм шешиўге бағдарланған сиясатты буннан былай да жетилистириўге бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпасы сыпатында қаралмақта, - дейди Оқыўшыларды кәсип-өнерге бағдарлаў ҳәм психологиялық-педагогикалық республикалық диагностика орайы директорының орынбасары Машҳурбек Холдоров. - Психолог тийкарғы ўазыйпалары менен шуғылланса, өз үстинде көбирек ислеўге де үлгереди. Оларға категория бериў әмелияты 2025-жылдан баслап енгизилди. Бул арқалы қәниге психологлар өзиниң кәсиплик билимлерин сынақтан өткерип, категорияға ийе болыўы ушын имканият жаратылды. Быйылғы процесслерде 3190 қәниге аттестация сынағында қатнасты. Қәниге сыпатында қатнасқанлардан 419ының категориясы асқан. Дерлик 80 процент психолог қанаатландырарсыз нәтийже көрсеткен. Гезектеги аттестация процеси болса усы жылдың 7-ноябринде болып өтеди. Психологларымыздың бул ретки нәтийжелеринде унамлы өзгерислер бақланады, деп үмит етемиз. Жаңа оқыў жылынан енгизилген айырым қолайлықлар оларға бул бағдарда жәрдем берген болса, әжеп емес. Себеби категориялық сынақлардан табыслы өткен психологлардың кәсиплик билими беккемленеди, айлық мийнет ҳақысына үстеме қосылады.
Жуўапкерлердиң айтыўынша, 3 жыл ишинде психология бағдарында 14 педагогикалық жоқары билимлендириў мәкемесинде халықаралық билимлендириў бағдарламасы өзбек тилинде енгизиледи. Бул көплеген психологларды тәрбиялаўға хызмет етиўи менен әҳмийетли. Шебер, өзине исеними жоқары хызметкерлер жетерли болса, кадрлар турақсызлығы да азаяды. Әсиресе, пайтахт мектеплеринде турақлы ислейтуғын психологлар аз. Ҳәттеки 3000 ға шамалас оқыўшыға ийе мектеплер бар. Усы мәниде де бундай кадрлардың КPI системасы бойынша үстеме алыўы, қосымша хошаметлениўи жүдә дурыс илаж.
Муножат МУМИНОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы





