73 килограммға шекемги салмақ категориясында бронза медалы ушын беллесиўде еки дзюдошымыз - Муҳаммад Жумаев ҳәм Элбек Тожиев өз-ара гүрес алып барды. Кескин ҳәм қызғын өткен беллесиўлер Тожиевтиң жеңиси менен жуўмақланды ҳәм ол турнирдиң бронза медалын қолға киргизди.

Усы салмақ категориясында сайланды командамызға және бир сыйлықты Шаҳрам Аҳадов алып келди. Миллий сайланды командамыз жетекшилеринен бири финалға шығып, Тәжикстан ўәкили Ориф Абдуллоийға жол берип, жарысты гүмис медаль менен жуўмақлады.

81 килограммға шекемги салмақ категориясында Муроджон Йулдошев бронза медалды қолға киргизди. Ол үшинши орын ушын өткерилген беллесиўде жерлесимиз Арыслан Тәжиевти жеңип шығып, карьерасында төртинши мәрте "Үлкен Дубулға" турнири сыйлы орынға көтерилди.

Ташкентте өткерилип атырған "Үлкен Дубулға" жарысында Өзбекстан сайланды командасы үй трибуналары алдында табыслы қатнасып келмекте.