Хатта Ислам цивилизациясы орайы инновациялық, дөретиўшилик, миллий мийрасты сәўлелендириў ҳәм экологиялық нәтийжелилик сыяқлы қатаң өлшемлер тийкарында қәлиплестирилетуғын глобал рейтинг - Дүньяның ең гөззал музейлери дизимине 2026-жылы киргизилгени мәлим етилген.
Prix Versailles бас хаткери Жером Гуаденниң хатында усы таңлаў мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўлар билдирилген ҳәм Орайдың 2026-жылғы Дизимде қатнасыўын тастыйықлаў бойынша рәсмий көрсетпелер жиберилген.
Prix Versailles - ҳәр жылы жаңа архитектуралық, мәдений ҳәм эстетикалық орталықты қәлиплестиретуғын айрықша заманагөй жойбарларды белгилейтуғын дүньядағы ең абырайлы сыйлықлардан бири болып есапланады. Ислам цивилизациясы орайының бул дизимге киргизилиўи оның концепциясы, рәмзий мәниси ҳәм Евроазия гуманитарлық мәканының раўажланыўына қосқан үлесиниң халықаралық көлемде тән алынғанын аңлатады.
Рәсмий хабарда атап өтилиўинше, Ислам цивилизациясы орайы 2026-жылдың "Дүньяның ең сулыў музейлери" дизимине киргизилиўинен тысқары, 2026-жылдың дүньядағы ең жоқары үш атағы - Grand Prix Versailles, "Интерер" ямаса "Экстерьор" номинацияларынан бирине даўагерлик етиў ҳуқықына ийе болды. Дүнья жүзилик атақлар ийелериниң салтанатлы жәрияланыўы 2026-жылдың ақырында ЮНЕСКОның Париждеги бас резиденциясында ямаса Сыйлық хаткерлиги тәрепинен белгиленген басқа да қабыллаўшы қалада болып өтиўи режелестирилген.
Prix Versailles глобаллық дизимине киргизилиўи орайдың регионның архитектуралық доминанты ҳәм Өзбекстанның заманагөй мәдений тиклениўи белгиси сыпатында дүнья көлеминдеги статусын беккемлейди. Бул қарар мәмлекетимиздиң ҳүрметли Президенти Шавкат Миромонович Мирзиёевтиң авторлық жойбары бүгинги күнниң ең әҳмийетли музей ҳәм мәдений жойбарларынан бири сыпатында жоқары тән алынғанынан дәрек береди", - деп атап өтеди Орай директоры Фирдавс Абдухолиқов.
Сондай-ақ, Орайдың бүгинги күнниң өзинде Орайлық Азияның ең ири гуманитарлық ҳәм илимий-мәдений комплекси сыпатында дүняда тән алынғанын атап өтеди.
Ислам цивилизациясы орайының Smithsonian Magazine, BBC Travel, BBC History ҳәм National Geographic сыяқлы абырайлы халықаралық басылымлар ҳәм рейтинглерге киргизилгени орайды Lucas Museum of Narrative Art (Лос-Анджелес), National Geographic Museum of Exploration (Вашингтон, D.C.), London Museum (Лондон) сыяқлы дүнья көлеминдеги ири музей басламалары қатарына қойғаны буны дәлиллейди. Буннан алдын CNN телеканалы Ислам цивилизациясы орайын "ҳәзирги дәўирдеги ең үлкен мәдений жойбарлардан бири" сыпатында баҳалап, оның өзине тән кеңислик параметрлерин айрықша атап өткен еди: объект өзиниң өлшемлери бойынша атақлы Hollywood жазыўының бийиклигинен төрт мәрте, Ақ үйден болса жети мәрте жоқары.
Бундай халықаралық тән алыў Өзбекстанның дүньяның глобал мәдений картасындағы орнын избе-из беккемлеп атырғанынан айқын дәрек береди.
2026-жыл март айында Ташкентте Ислам цивилизациясы орайының ашылыўы режелестирилген.