Орайлық банк Humans қосымшасы арқалы Р2Р төлемлер ўақтынша тоқтатылатуғынын мәлим етти

    9 желтоқсан 2025 125

    Орайлық банктиң мәлим етиўинше, 2025-жыл 8-декабрь күни саат 08:30 лар шамасында пуқаралардан Humans мобил қосымшасы арқалы қаржыларды алыў бойынша мүрәжатлар келип түскен. Усы мүнәсибет пенен банк өз ўәкиллиги шеңберинде «Octagram» АЖ (Paylov саўда белгиси) менен байланысып, қәўипсизлик талапларына әмел етилиўин тәмийинлеў ҳәм мүмкин болған әззиликти сапластырыў мақсетинде Р2Р операцияларын ўақтынша тоқтатып турыў бойынша көрсетпе берди.

    Орайлық банктиң мәлим етиўинше, «Humans companies» ҳәм «Octagram» акционерлик жәмийетлери арасында 2025-жыл 10-апрельде 32-санлы шәртнама дүзилген болып, оған бола Humans өз қарыйдарларына агент сыпатында төлемлерди (төлем ҳәм П2П-өткермелер) өткериў хызметлерин көрсетиўди баслаған.

    9-декабрь күни «Octagram» АЖның (Paylov) Humans мобил қосымшасы арқалы әмелге асырылатуғын барлық төлем хызметлери ўақтынша тоқтатылды.

    Орайлық банк атап өтеди:

    - Uzcard ҳәм Humo карталары арқалы төлем ҳәм өткермелер әдеттегидей тәртипте ислеўде даўам етеди;

    сондай-ақ, басқа банк ҳәм төлем шөлкемлериниң қосымшаларында картадан пайдаланыў да сақланып қалады.

    Ҳәзирги ўақытта оператив тексериў өткерилип, барлық гүманлы транзакциялар, техникалық процесслер ҳәм платформалардың өз-ара бирге ислесиўи үйренилмекте.

    Тексериў нәтийжелери пуқараларға қосымша рәсмий мағлыўмат түринде жеткериледи.

    Бул жағдай бойынша пуқаралар белгиленген тәртипте ҳуқық қорғаў уйымларына мүрәжат етиўи мүмкин.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates