Көпшилик пайдаланыўшылар SIМ-картаны басқа атқа дизимнен өткериў арқалы қосымшаға кириў имканияты шеклениўи мүмкинлигинен қәўетерленди. Регулятордың баспасөз хызметиниң түсиндириўинше, бул әмелдеги қарыйдарларға тийисли емес ҳәм тек ғана 22-апрельден кейин жаңа пайдаланыўшыларды дизимнен өткериўге байланыслы.
Жаңа қағыйдалар қалай ислейди?
Система төмендеги мағлыўматлардың сәйкес келиўин тексереди:
телефон номери
ЖШАЖ,
банк картасы.
Егер мағлыўматлар сәйкес келсе, пайдаланыўшы қосымшадан шекленбестен пайдаланыўы мүмкин.
Телефон номери туўысқаның атына рәсмийлестирилсе не қылыў керек?
Жақын ағайинниң номеринен пайдаланыў қыйыншылық туўдырмайды. Жақын туўысқанларға:
ата-аналар,
ағайин-инилер,
өмирлик жолдас
балалар.
Солай етип, номер шаңарақ ағзаларының бирине дизимнен өткерилген болса да, қосымшалар қолланыла береди.
Қашан шеклеўлер болыўы мүмкин?
Тек ғана басқа биреўдиң номерин ямаса картасын пайдаланған жағдайда машқалалар пайда болыўы мүмкин:
телефон номери пүткиллей бийтаныс адамның атына жазылған,
банк картасы басқа биреўге тийисли.
Жаңа илажлар кимлерге тийисли?
Жаңа қәўипсизлик илажлары тек 22-апрельден кейин дизимнен өткен жаңа пайдаланыўшыларға қолланылады. Қосымшадан пайдаланып атырған барлық адамлар ушын ҳеш қандай өзгерис болмайды ҳәм жумыс әдеттеги тәртипте даўам етеди.