Сөйлесиўлер ўақтында қаржы тараўындағы, соның ишинде, банк ҳәм
қамсызландырыў бағдарларындағы бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары,
сондай-ақ, инвестициялық бирге ислесиўдиң мүмкин болған форматлары көрип
шығылды.
“FinTech”, санлы финанслық хызметлер ҳәм перспективалы
инвестициялық жойбарларға айрықша итибар қаратылды.
Тәреплер Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы өз-ара пайдалы бирге
ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм инвестициялық-экономикалық
байланысларды беккемлеўден мәпдар екенин билдирди.