Ҳүкимет қарарына муўапық, төмендегилер мәжбүрий санлы маркировкаланыўы керек:

темеки ҳәм алкоголь өнимлери;

пиво қайнатыў өнимлери;

турмыслық техника;

дәри дәрмақлар ҳәм медициналық буйымлар;

суў ҳәм алкоголсиз ишимликлер.

Ислеп шығарыўшылар ҳәм импорт етиўшилер тәрепинен товарға Data Matrix кодлары қойылады ҳәм «Asl belgisi» автоматластырылған системасына киргизиледи (оператор - «CRPT Turon» ЖШЖ). Системаға товардың аты, муғдары, көлеми, ислеп шығарылған сәнеси, сақланыў мүддети ҳәм басқа да өзгешеликлери ҳаққындағы мағлыўматлар жүкленеди.

Товар сатылғанда 2D сканер жәрдеминде сканерленеди. Система автомат түрде кодты «Asl belgisi» мағлыўматлар базасы менен салыстырады. Егер сақланыў мүддети өтип кеткен болса, касса техникасы "товардың сақланыў мүддети өтти" деген хабарды шығарады ҳәм чек қәлиплестирилмейди - сатыўшының қатнасыўысыз сатыў блокланады.

Система тәрепинен блокланған товарлар жарамсыз деп табылады ҳәм нызамшылықта белгиленген тәртипте есаптан шығарылады.

Санлы маркировка мүддети өткен өнимлерди сатыўдың алдын алыў ҳәм ишки базарда товарлардың сапасын қадағалаўды күшейтиўдиң нәтийжели қуралына айланады.