Өзбекстан Республикасы Салық комитети баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, халық пенен төлемли есап-санақлар электрон төлем шөлкемлери ҳәм (ямаса) электрон саўда платформалары (маркетплейслер) арқалы әмелге асырылғанда, сатып алыўшыға электрон фискал чек бериледи.
Атап өтилген талапларға әмел етилмеген жағдайда, Салық кодексиниң 221-статьясына муўапық:
қадағалаў-касса техникаларынан ҳәм (ямаса) төлем терминалларынан пайдаланбастан, олардың қолланылыўы мәжбүрий болған жағдайда саўда-сатықты әмелге асырыў ҳәм хызметлер көрсетиў, сондай-ақ, қарыйдарға квитанциялар, талонлар, чеклер ямаса оларға теңлестирилген ҳүжжетлерди бермей товарларды реализациялаў ҳәм хызметлер көрсетиў, сондай-ақ, төлем терминаллары арқалы төлемди қабыл етиўден бас тартыў - 5 000 000 сум муғдарында жәрийма салыўға себеп болады;
салық уйымларында дизимнен өтпеген қадағалаў-касса техникаларынан пайдаланған ҳалда саўда-сатықты әмелге асырыў ҳәм (ямаса) хызметлер көрсетиў ямаса сатып алыўшыға квитанциялар, талонлар, чеклер ямаса оларға теңлестирилген ҳүжжетлер бериў - 7 000 000 сум муғдарында жәрийма салыўға себеп болады;
салық төлеўшиниң басқа шахслардың атына рәсмийлестирилген төлем терминалларынан пайдаланыўы, сондай-ақ, техникалық талапларға жуўап бермейтуғын ямаса бағдарламалық тәмийнаты бузылған қадағалаў-касса техникаларынан пайдаланыўы - 20 000 000 сум муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.