Президентимиздиң "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында"ғы пәрманында көплеген әҳмийетли мәселелер қатарында ыссылық ҳәм электр энергиясын ислеп шығарыў кәрханаларында жанылғы сыпатында мазуттан пайдаланыўды толық қадаған етиў илажлары да нәзерде тутылған. Мағлыўматларға қарағанда, усы жыл 1-сентябрьден бул тәртип күшке кирди.

Халықты ҳәм экономика тармақларын үзликсиз энергия менен тәмийинлеўде ҳәр бир жанылғы дерегиниң өз орны бар. Бирақ бул процессте тәбиятқа зыян келтиретуғын қураллардан пайдаланыў инсан саламатлығы ҳәм экологиялық тазалыққа, әлбетте, унамсыз тәсир етеди. Мине, усындай зыянлы қураллардан бири болғаны себепли мазутты жағыў көплеген мәмлекетлерде қадаған етилген.

Келешек әўладларға турақлы, қәўипсиз ҳәм абадан дүньяны мийрас қалдырыў бүгин жәмийетимиздеги ийгиликли реформалардың бас мақсетине айланған. "Өзбекстан - 2030" стратегиясы ҳәм оның шеңберинде әмелге асырылып атырған мәмлекетлик бағдарламаларда бул бағдардағы тийкарғы ўазыйпалар белгиленип, кең көлемли жумыслар орынланбақта.

Атап айтқанда, барлық тармақ ҳәм тараўлардың үнлес "жасыл" трансформациясын әмелге асырыў, бәсекиге шыдамлылығын ҳәм ресурс үнемлеўин тәмийинлеў, климат өзгериўи ақыбетлерин жумсартыў ҳәм экономикалық өсиўдиң жаңа, "жасыл раўажланыў" моделине өтиўге айрықша итибар қаратылмақта. Соның ишинде, бул тараўда ҳәр қыйлы кәрханалар қатары ыссылық ҳәм электр энергиясын ислеп шығарыў тармақларында да кең көлемли модернизация жумыслары әмелге асырылмақта.

Бүгинги күнде ыссылық электр станциялары мәмлекетимиз электр энергетика тармағының тийкары сыпатында тутыныўшыларға жеткерип берилип атырған электр энергиясының салмақлы бөлегин ислеп шығармақта. Кейинги жылларда мәмлекетимизде заманагөй, жоқары нәтийжели энергия үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў бағдарында бир қатар жумыслар исленди.

Бул бағдарда бир қатар жетекши мәмлекетлер - Япония, АҚШ ҳәм Европа мәмлекетлериниң энергетика тараўындағы ири компанияларының тәжирийбеси үйренилди, мәмлекетимизде жаңа, энергия үнемлеўши технологияларды енгизиўге жедел кирисилди. Нәтийжеде энергия ислеп шығарыў ушын шәртли жанылғының жумсалыўы азайып, халық ҳәм экономика тармақларын үзликсиз энергия менен тәмийинлеў имканияты кеңеймекте.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда электр станцияларының улыўма орнатылған қуўатлылығы 23 мың 255 мегаватт, соның ишинде, ыссылық электр станцияларының улыўма қуўатлылығы 17 мың 318 мегаватт ямаса бирден-бир энергетика системасындағы қуўатлылықтың 75 процентин қурамақта.

Бул системада өндирис процесиниң жоқары нәтийжелилигине ерисиў менен бирге қоршаған орталықты қорғаўға байланыслы илажлардың әмелге асырылыўы үлкен әҳмийетке ийе. "Ыссылық электр станциялары" акционерлик жәмийетиниң мағлыўматына бола, бул процессте өндирис қуўатлықларын заманагөй технологиялар тийкарында модернизациялаў, қоршаған орталыққа зыянлы тәсирлерди азайтыў, қайта тикленетуғын энергия дәреклери ҳәм когенерация системаларын кеңнен енгизиўге айрықша итибар қаратылмақта.

Усы мақсетте 3 автомат мониторинг станциясы иске қосылды, 16 экопост орнатылды, 11 шаң-газ тазалаў үскенеси оңланды. 3 когенерация қурылмасы иске қосылды. Жумысшы ҳәм қәнигелердиң экологиялық таза транспорт қуралларынан пайдаланыўына итибар қаратылмақта. Сондай-ақ, 215 гектар жерде дәстүрий ҳәм тамшылатып суўғарыў системасы жолға қойылды. Ҳәзирги ўақытта бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте. 2030-жылға шекем көрилетуғын усындай илажлар есабынан патасландырыўшы элементлер ҳәм карбонат ангидрид шығындысын 45 процент азайтыў нәзерде тутылған.

Бул процессте альтернатив энергия дәреклеринен де нәтийжели пайдаланылмақта. Атап айтқанда, усы жылы 13,6 мегаватт қуўатлылыққа ийе қуяш станциялары иске қосылды. Буннан тысқары, қуяш суў ысытқышлары қолланылмақта, қуяш панелли жарытқышлар, сенсорлы ҳәрекет сенсорлары да экологиялық тазалыққа хызмет етпекте.

Системада суўды үнемлеў ҳәм суўдың патасланыўының алдын алыў мақсетинде айланба суў тәмийнаты системасы енгизилген. Суўытыў процесинде қайта пайдаланыў технологиялары қолланылмақта. Жаўын суўы жыйналып, техникалық мүтәжликлер ушын жумсалмақта. Жер майданы рекултивацияланып, топырақ эрозиясына қарсы илажлар көрилмекте.

Елимиз бойлап кең қамтып алған көклемзарластырыў жумыслары усы система кәрханалары жумысының да тийкарғы бағдарына айланған. Атап айтқанда, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде соңғы жылларда 293,9 гектар майданда жасыл белбеў қурылды.

Санаат кәрханалары жумысында ең әҳмийетли бағдарлардан бири шығындыларды басқарыў ҳәм тәбиятқа тәсирин азайтыў болып есапланады. Өткен әсирлерде бул бағдардағы жумыслардың ақылға уғрас шөлкемлестирилмегени нәтийжесинде пайда болған үлкен-үлкен шығындыханалар аўыр экологиялық машқалаларды жүзеге келтирмекте. Шығынды полигонларынан тарқалып атырған тонналап ыссыхана гази атмосфераға үлкен зыян жеткермекте. Қалаберди, тонналап зәҳәрли фильтратлар жер астына сиңеди.

Бул машқалаларға ақылға уғрас шешим табыў ушын өндирис процесинде шығындысыз таза технологияларды енгизиў, шығындыны таңлап алыў ҳәм қайта ислеўди жолға қойыў зәрүр.

Мәмлекетимизде бул ўазыйпалардың орынланыўына да турақлы итибар қаратылмақта. Әлбетте, бул бағдардағы илажларды әмелге асырыў ҳәр бир өндирис тармағы, барлық кәрхана-шөлкемлердиң мойнына үлкен жуўапкершилик жүклейди. Соның ишинде, ыссылық электр станциялары системасында бул ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў айрықша қадағалаўға алынған. Бул бағдарда суў тазалаў имаратлары қурылып, тазаланған суў қайта технологиялық процесслерге бағдарланбақта.

Ыссы суўдың жағдайы турақлы мониторинг етиледи. Шығындыны азайтыў мақсетинде заманагөй технологиялар енгизилмекте. Турмыслық шығындыларды сортлаў системасы қәлиплестирилген. Электрон шығындылар өз алдына жыйналады ҳәм қайта исленеди.

Бүгинги илим ҳәм технологиялар жоқары раўажланған дәўирде ҳәр бир тараўда жумысты дәўир тезлигине сай шөлкемлестириў турақлы излениў ҳәм жаңалықларды үзликсиз өзлестириўди талап етеди. Бул бағдарда халықаралық бирге ислесиўдиң әҳмийети үлкен. Әсиресе, өндирис процесине алдынғы стандартларды енгизиў турақлы раўажланыўдың әҳмийетли факторы болып есапланады. Бул бағдарда ЕТРБ менен биргеликте тараўда ISO 14001 системасының енгизилгени раўажланыў пәтин арттырмақта.

Бундай ҳәрекетлер көлемин кеңейтиў мақсетинде ESG принциплери енгизилмекте. Карбонат ангидрид ҳәм басқа да ыссыхана газлери мониторинги жолға қойылған. Халықаралық талаплар тийкарында ҳаўаны мониторинг етиў бағдарламасы ислеп шығылмақта. Шығындыларды азайтыў ҳәм қайта ислеў нәтийжелилигин арттырыў илажы көрилмекте. Ҳәзирги ўақытта "Өзбекстан - 2030" стратегиясы шеңберинде бул жумыслар избе-из даўам еттирилмекте.

Атап айтқанда, быйылғы жылға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарламада санаат кәрханаларында жоқары нәтийжелиликке ийе шаң-газ тазалаў үскенелери ҳәм локал суў тазалаў қурылмаларын орнатыў ҳәм барларын модернизациялаў, жасыл майданларды кеңейтиў, қоршаған орталықтың патасланыў дәрежесин баҳалаў механизмлерин жетилистириў менен байланыслы әҳмийетли илажлар белгиленген. Бул ўазыйпалардың өз ўақтында орынланыўы бирден-бир жасаў мәканымыз - ана тәбияттың тазалығын сақлаў ҳәм келешек әўладларға тәбиятты бийғәрез жеткериўге хызмет етеди.

Баҳор ХИДИРОВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы