Келетуғын туристлер ағымының турақлы өсиўине виза тәртибиниң әпиўайыластырылғаны, тиккелей авиақатнаўлар географиясының кеңейтилгени, сондай-ақ, мәмлекеттиң туристлик потенциалы халықаралық майданда жедел үгит-нәсиятланып атырғаны себеп болмақта.
Дәстүрий түрде Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўа саяхатшылар арасында ең көп тартылатуғын бағдарлар болып қалмақта.
Соның менен бирге, экологиялық ҳәм гастрономиялық туризмге қызығыўшылық сезилерли дәрежеде артты - барған сайын көбирек мийманлар Ферғана ойпатлығы ҳәм мәмлекетимиздиң қубласына саяхатларды таңламақта.
2025-жылдың басынан берли Өзбекстанға 9,7 миллионнан аслам сырт ел пуқаралары келген.









