Туристлик хызметлер көлеми жедел кеңейтиледи

    2025-жыл июнь айынан баслап "Өзбекстан бойлап саяхат ет!" бағдарламасын әмелге асырыў ушын ҳәр айда 2-ҳәптениң шемби ҳәм екшемби күнлери "Шаңарақ ҳәм жәмәәт пенен саяхатқа шығыў күни" етип белгиленсин.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "2025-2026-жылларда туристлер ағымын кескин көбейтиў ҳәм туристлик хызметлер көлемин жедел кеңейтиў арқалы туризмниң экономикадағы орны ҳәм әҳмийетин арттырыў илажлары ҳаққында"ғы Пәрманы (ПП-87-санлы, 15.05.2025-ж.) қабыл етилди.

    2025-жылдың ақырына шекем туризм тараўының тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди, соның ишинде:

    республика аймақларына 15,8 млн. сырт ел туристлериниң сапарларын шөлкемлестириў, туризм хызметлери экспортын 4 млрд. АҚШ долларына жеткериў;

    ишки туризмди раўажландырыў есабынан 40 миллион жергиликли туристлердиң аймақларға сапарларын шөлкемлестириў, қосымша 378 туроператор жумысын жолға қойыў.

    2025-жыл 1-июньнен Баҳрайн Патшалығы, Кувейт Мәмлекети ҳәм Оман Султанлығы пуқаралары ушын Өзбекстан аймағына кирген күннен баслап 30 күнлик мүддетке визасыз режим белгиленеди.

    2025-жылдан ҳәр жылы 30-ноябрьге шекем келеси жыл туризмди раўажландырыў бойынша аймақлық бағдарламалар ислеп шығылады.

    2025-жылдан ҳәр жылы ноябрь айының 3-ҳәптесинде Халықаралық туризм ҳәптелиги шөлкемлестириледи.

    2025-жыл июнь айынан баслап "Өзбекстан бойлап саяхат ет!" бағдарламасын әмелге асырыў ушын ҳәр айда 2-ҳәптениң шемби ҳәм екшемби күнлери "Шаңарақ ҳәм жәмәәт пенен саяхатқа шығыў күни" етип белгиленеди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates