баннер
31 Mar 2025
05:39

    Туризм комитети ҳәм МАТТА Өзбекстанның туризм потенциалын үгит-нәсиятлаўға келисип алды

    Туризм комитетиниң баслығы Умид Шадиев Куала-Лумпур қаласында МАТТА (Малайзия туристлик компаниялары ҳәм туроператорлары ассоциациясы) вице-президенти Шайх Авад ҳәм бас менеджери Мазия Миҳат пенен сөйлесиўлер өткерди.

    Ушырасыўда Өзбекстанды зыярат, мәдений, тарийхый ҳәм қысқы туризм бағдары сыпатында Малайзияда үгит-нәсиятлаў перспективалары додаланды.

    Өзбекстанға сапар етиўди өз ишине алған "Умра плюс" бағдарламасына қәнигелескен туроператорларды тартыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

    Ушырасыў жуўмағында Өзбекстанды үгит-нәсиятлаў бойынша биргеликтеги маркетинг жойбарларын әмелге асырыў, Малайзия ўәкиллери ушын арнаўлы инфо- ҳәм пресс-турлар шөлкемлестириў, сондай-ақ, тәреплердиң еки мәмлекет халықаралық туризм илажларында өз-ара қатнасыўы бойынша келисимлерге ерисилди, деп хабар береди Туризм комитетиниң баспасөз хызмети.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech