Бул таңлаў Туризмди раўажландырыў илимий-изертлеў институты тәрепинен Туризм комитети ҳәм Өзбекстан География жәмийети менен биргеликте шөлкемлестирилди. Онда Өзбекстанда туризм тараўын раўажландырыўға байланыслы илимий-инновациялық жойбарларды усыныс ете алатуғын қәбилетли студентлер таңлап алынды.
Таңлаўда елимиздиң 35 жоқары билимлендириў мәкемесинен 150 ден аслам студент қатнасты. Қатнасыўшылар туризмди санластырыў, ишки ҳәм халықаралық туризмди раўажландырыў, туристлик объектлерди модернизациялаў ҳәм жаңа технологияларды енгизиў сыяқлы бағдарлардағы жойбарларды усынды.
Жеңимпазларға ҳүрметли диплом ҳәм ақшалай сыйлықларды Туризм комитети баслығының орынбасары С.Ниязов тапсырды.
Таңлаў жуўмағына бола, 1-орынды Ташкент халықаралық химия университетиниң Самарқанд филиалы студенти Жавлон Рустамов "Байланыс жәрдеминде тарийхый орынларды ҳәм мәдениятты үйрениў" жойбары (Абу Райхан Беруний атындағы виртуал гид жәрдеминде) менен қолға киргизип, 5 миллион сум ақшалай сыйлыққа ийе болды.
2-орын Ташкент мәмлекетлик экономика университетиниң магистранты Абдулқодирхожа Абдуллахожаевқа (Өзбекстан Республикасында халықаралық балалар ҳәм жас өспиримлер туризмин раўажландырыў жойбары ушын) несип етти ҳәм 3 миллион сум менен сыйлықланды
3-орын менен Самарқанд қаласындағы "Жипек жолы" халықаралық туризм университетиниң магистранты Ксения Власова ("Өзбекстан миллий тарийхый-мәдений музейин модернизациялаў" жойбары менен) 2 миллион сум сыйлықты қолға киргизди, деп хабар береди Туризм комитетиниң баспасөз хызмети.
Сондай-ақ, жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине шөлкемлестириўшилер тәрепинен қымбат баҳалы естелик саўғалар да тапсырылды.