Онда тийкарғы мақсет мәмлекетлик уйымлардың жумысының ашық-айдынлығын, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў, есап бериўди тәмийинлеў болып есапланады.

Бәсеки комитети тәрепинен енгизилип атырған санлы платформалар жәмийетлик қадағалаўдың әмелдеги заманагөй модели, деп айтыў мүмкин. Атап айтқанда, фармацевтика тараўында жаратылған “Fair tech” бирден-бир мәлимлеме системасы арқалы халық дәри-дәрмақ баҳалары үстинен реал ўақытта қадағалаў орнатыўы мүмкин болды. Тармақ Салық комитети ҳәм Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги менен интеграция етилди. Бул система арқалы пуқаралар мобил қосымша жәрдеминде касса чеклерин QR код арқалы сканерлеў арқалы белгиленген баҳадан асып кетиў жағдайларын анықлай алады. Тийкарсыз үстеме анықланса, мағлыўмат автомат түрде комитетке жибериледи ҳәм артықша төленген қаржы пуқараға қайтарылыўы тәмийинленеди.

Бул жаңа система әмелиятқа енгизилгенде, бәринен бурын, өз-ара мәлимлеме алмасыўы тәмийинленди, фармацевтика тараўындағы баҳаларды қадағалаў, онлайн арзаларды көрип шығыў ҳәм тутыныўшыларға жеткерилген зыянды тезлик пенен қаплаўда жақсы нәтийже бере баслады.

Бүгинги күнде елимиздеги әмелдеги нормативлик ҳүжжетлерге тийкарланып, дәри-дәрмақлар ҳәм медицина буйымларының көтере ҳәм усақлап сатыў саўдасы жеткерип бериўде қатнасыўшы дәлдалшылар санына қарамастан, көтере саўда ушын сатып алыў баҳасының 15 процентинен, усақлап сатыўда көтере баҳасының 20 процентинен көп болмаған муғдарда белгиленетуғын максимал саўда үстемелеринен пайдаланған ҳалда әмелге асырады. Бирақ айырым дәриханалар тәрепинен бул тәртиплерге әмел етилмейтуғын жағдайлар да ушырасып атыр.

Әйне усы система арқалы түскен мүрәжатлар талланғанда, өткен дәўирде 1 525 дәриханада 332 704 жағдайда улыўма 14,2 миллиард сумлық тийкарсыз дәрамат алынғаны анықланды. Бул қаржылар тутыныўшыларға қайтарылыўы тәмийинленди. Бул жәмийетлик қадағалаўдың санлы механизми нәтийжели ислеп атырғанын көрсетеди. Усы тәризде, пуқаралар өз ҳуқықларын еркин түрде қорғаў имканиятына ийе болмақта.

Жаңадан қурылып атырған көп қабатлы турақ жайларды үлес қосыў тийкарында сатып алыўда да жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў мақсетинде эскроу системасы енгизилди. Бул система енгизилгенге шекем қурылыс тараўында тутыныўшылар ҳуқықларының бузылыўы бойынша 2021-жылы 423, 2022-жылы 758, 2023-жылы 1 347, 2024-жылы болса 1 693 мүрәжат келип түскен болса, 2025-жылдың усы дәўиринде бул көрсеткиш 653 ти қурады.

Эскроу системасының жолға қойылыўы нәтийжесинде усы жылы өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда мүрәжатлар саны 25 процентке азайды.

Бәсеки комитети тәрепинен мәмлекетте бәсеки орталығын және де арттырыў, жәмийетшилик қатнасын кеңейтиў ҳәм мүрәжатлар менен ислесиўди санластырыў мақсетинде және бир әҳмийетли қәдем тасланды. 2025-жыл 1-декабрьден "Тутыныўшы мүрәжаты" электрон системасы тест режиминде иске қосылыўы режелестирилген. Бул система Бәсеки комитети жанындағы Санлы трансформация ҳәм аутсорсинг орайы тәрепинен ислеп шығылған болып, тутыныўшылар мүрәжатларын қабыл етиў, системаластырыў, жедел көрип шығыў ҳәм нәтийжесин қадағалаў имканиятын жаратады.

Жаңа система арқалы мүрәжатлар тараўлар бойынша автомат түрде ажыратылады, тийисли шөлкемлерге жибериледи ҳәм мүрәжат етиўшиге нәтийже ҳаққындағы мағлыўмат қайта жибериледи. Сондай-ақ, мүрәжатларға жуўап бериў нәтийжелилиги тийкарында исбилерменлик субъектлериниң арнаўлы рейтинги жүргизиледи. Бул арқалы мүрәжатларға мүнәсибет ашық мониторинг етиледи ҳәм мәмлекетлик уйымлардың араласыўысыз пуқара ҳәм исбилермен арасындағы мәселелер жедел шешиледи.

Комитет жәмийетлик қадағалаўды жеделлестириў мақсетинде санлы каналлар арқалы мүрәжатларды қабыл етиў имканиятларын да кеңейтти. Пуқаралар өз мүрәжатларын 1159 қысқа номерли Call орай, @rquzBot тelegram боты, рәсмий веб-сайт ҳәм JivoChat арқалы қолайлы ҳәм оператив түрде жолламақта.

Комитеттиң бул рәсмий дәреклери арқалы 2020-2025-жылларда тутыныўшылардан жазба, аўызеки ҳәм электрон тәризде турақ жай, коммуналлық ҳәм транспорт хызметлери, саўда ҳәм улыўма аўқатланыў, байланыс, қаржы ҳәм социаллық хызметлер және реклама қатнасықлары мәселелери бойынша келип түскен мүрәжатлар 128 мыңнан асламды қурады. Әлбетте, бул пуқаралардың белсендилиги, тараўдағы машқалаларға бийпәрўа емеслиги, мүрәжатларды тийислилиги бойынша өз ўақтында ҳәм дурыс жоллап атырғаны, ҳуқықый билимге ийе екенин көрсетеди.

Бәсеки комитети жумысындағы санлы реформалар арқалы базарларда әдил бәсеки орталығын тәмийинлеў, тутыныўшылардың мәплерин қорғаў ҳәм мәмлекетлик сатып алыўларда бәсекиге шыдамлылықты күшейтиў сыяқлы ўазыйпаларды орынлаўда жақсы нәтийжелерге ериспекте. Ең әҳмийетлиси, бул процесслер жәмийетлик қадағалаўды турмысқа избе-из енгизиў, мәмлекетлик уйымлардың ашық-айдынлығын ҳәм есап бериўин тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Соның менен бирге, бул реформалар "Өзбекстан - 2030" стратегиясы шеңбериндеги ўазыйпалар, "жасыл экономика", санлы трансформация ҳәм пуқаралық жәмийетин раўажландырыў сыяқлы тийкарғы бағдарлар менен де үнлес байланысқан.

Жәмийетлик қадағалаўды санлы механизмлер арқалы әмелге асырыў мәмлекет ҳәм жәмийет арасындағы исенимли қарым-қатнас көпирин жаратып, күнделикли турмысымызда жүзеге келетуғын машқалаларды жеделлик пенен әдил ҳәм ашық-айдын түрде шешиўге хызмет етеди.

Атабек УСМАНОВ,

Бәсеки комитети баслығының кеңесгөйи