"Мәйек бөрек" географиялық көрсеткиш сыпатында патентленди

    13 маусым 2025 891

    Әдиллик министрлиги тәрепинен Хорезм ўәлаятына тән болған "Мәйек бөрек" миллий тағамы географиялық көрсеткиш сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

    Атап өтилиўинше, бул тағам өзине тән таярлаў усылы, қурамы ҳәм әййемги дәстүрлерге тийкарланғанлығы менен ажыралып турады. "Мәйек бөрек" тийкарынан Хорезм ўәлаяты халқы арасында кең тарқалған болып, усы аймақтың бай мәдений-гастрономиялық мийрасын сәўлелендиреди.

    Географиялық көрсеткиш сыпатында дизимнен өткерилиўи бул тағамды ҳуқықый жақтан қорғаў, сапасын ҳәм абырайын сақлап қалыў және Хорезмниң аймақлық бренди сыпатында үгит-нәсиятлаў имканиятын береди.

    Еслетип өтемиз, географиялық көрсеткиш - бул өнимниң белгили бир аймаққа тән екенлиги ҳәм сол аймақ факторлары менен байланыслы айрықша сапаларға ийе екенлигин билдиретуғын интеллектуаллық мүлк объекти болып есапланады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates