Атап өтилиўинше, "А" топарында биринши орынды ийелеген футболшыларымыз шерек финалда "Б" топарында екинши орынды ийелеген БАӘ сайланды командасы менен бәсекилесетуғын болды.
Бул ушырасыў 13-апрель күни Ташкент ўақты менен саат 22:15 те Тоиф қаласындағы “Qirol Fahd” стадионында болып өтеди.
Мағлыўмат ушын, топар басқышында 1-2-орынларды ийелеген командалар шерек финал менен бир қатарда усы жылдың ноябрь айында Қатарда болып өтетуғын жәҳән чемпионатына да жолламаны қолға киргизеди.









