Бул ҳаққында Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги хабар берди.

MBZUAI толық жасалма интеллектке қәнигелескен дүньядағы биринши жоқары билимлендириў мәкемеси болып есапланады. QS халықаралық рейтингине бола, университет АI бағдары бойынша дүньядағы ең жақсы 10 жоқары оқыў орны қатарына киреди.

Атабек Комиловқа берилген грант муғдары жылына 45 мың АҚШ долларын қурайды. Төрт жыллық оқыў дәўири ушын улыўма қаржыландырыў муғдары 180 мың АҚШ долларына жетеди.

Оқыўшының жетискенликлери арасында IELTS бойынша 7 балл нәтийжеси, Америка математика олимпиадасы (АМС) миллий басқышының алтын медалы, Қубла-Шығыс Азия математика олимпиадасы (SЕАМО) миллий басқышының алтын медалы, сондай-ақ, жасалма интеллект тараўындағы V2Е жойбарына тийкар салынғаны да бар.

Агентликтиң атап өтиўинше, бул жетискенлик Президент мектеплери оқыўшыларының жоқары таярлық дәрежесин ҳәм олардың халықаралық билимлендириў майданындағы бәсекиге шыдамлылығын тастыйықлайды.