Ушырасыўда денсаўлықты сақлаў тараўында бирге ислесиўди раўажландырыў, алдыңғы тәжирийбелерди Ферғана ўәлаятында енгизиў, қәнигелердиң маманлығын арттырыў ҳәм тәжирийбе алмасыўды шөлкемлестириў бойынша пикир алысылды.

Ўәлаят ҳәкими соңғы жыллары елимизде денсаўлықты сақлаў системасын жетилистириў, медициналық хызметтиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, заманагөй диагностика ҳәм емлеў усылларын кеңнен енгизиўге қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғанын атап өтти. Бул процессте дүньяның жетекши медицина мәкемелери, соның ишинде, Корея Республикасының абырайлы клиникалары менен бирге ислесиўди раўажландырыў үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Сөйлесиў даўамында Ферғана ўәлаятындағы шыпакерлерди Бунданг емлеўханасына қәнигелигин арттырыўға жибериў, кореялы жетекши қәнигелерди тартқан ҳалда Ферғана қаласында шеберлик сабақлары ҳәм оқыў курсларын шөлкемлестириў, заманагөй диагностика ҳәм емлеў усыллары бойынша тәжирийбе алмасыў бойынша усыныслар билдирилди.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер тийисли "жол картасы"н ислеп шығыў тийкарында бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алды.

Сеул миллий университетиниң Бунданг емлеўханасы Корея Республикасының ең ири университет медицина орайларынан бири болып, жоқары технологиялық диагностика ҳәм емлеў, илимий изертлеўлер, сондай-ақ, медициналық мәлимлеме технологияларын раўажландырыў тараўында жумыс алып барады. Емлеўханада медициналық процесслерди басқарыўдың заманагөй санлы системалары кеңнен енгизилген болып, жылына 1 миллион 700 мыңға шамалас наўқасқа медициналық жәрдем көрсетиледи.