Пайдаланыўшының телефон номери ҳәм ЖШШИР сәйкеслиги тексериледи, сәйкес келмеўшилик анықланғанда мобил қосымшада дизимнен өтиў ҳәм банк картасын байланыстырыўға жол қойылмайды.
Кредит ҳәм төлем шөлкемлери пайдаланыўшыларды биометрикалық идентификациялаўда "тиришилик" (liveness) факторларын анықлаўы шәрт, яғный фотосүўретке қарап идентификациялаў мүмкин емес.
Телефонға бир мәртелик СМС-хабар арқалы жиберилген кодты үш мәрте надурыс киргизиўге урынған пайдаланыўшының мобил қосымшадағы ҳәрекетлери ўақтынша 15 минутқа шекленеди;
Мобил қосымша есап бетине басқа қурылмадан кирилгенде ямаса пароль тикленгенде усы есап бетине бириктирилген барлық банк карталары қосымшадан автомат түрде алып тасланады.
Сондай-ақ, қурылмадан банк карталары бойынша әмелге асырылған финанслық операциялар тарийхы да алып тасланады.
Бунда банк карталарын қайта байланыстырыў биометриялық идентификациялаўдан өткен ҳалда әмелге асырылады.