Энергия нәтийжелилиги ҳәм санаат инжиниринги тараўларында бирге ислесиўди беккемлеў

    «Navoiyazot» АЖ басқарма баслығы Фаррух Самадов Sinoma Energy Conservation компаниясының президенти Мэн Циньлин мырза басшылығындағы делегация менен ушырасты.

    ҚХР ири санаат инжиниринг компаниясы ўәкиллери кәрхананың өндирис комплекслери ҳәм объектлери менен танысты. Өндирис процесслерин жойбарластырыў, модернизациялаў, экологиялық қәўипсизлик, мүддетлер, ресурслар, мийнет ҳәм қәрежетлерди оптималластырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

    Кармана районында Sinoma Energy Conservation компаниясы қәнигелери менен биргеликте қуўатлылығы 300 МВт болған қуяш фотоэлектр станциясы қурылмақта. Қытай инжиниринг корпорациясы қайта тиклениўши энергетика ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша дүньядағы ең ири компаниялардан бири болып, Өзбекстанда бир қатар жойбарларды әмелге асырмақта.

    Усы жылдың 5-декабрь күни мәмлекетимиз басшысының басшылығында 42 жаңа энергетика қуўатлығы иске қосылып, 21 жаңа жойбардың қурылысы басланған еди. Олардың арасында Наўайы ўәлаятында 300 МВт қуўатлықтағы қуяш фотоэлектр станциясы ҳәм 75 МВт қуўатлықтағы энергия сақлаў системасын қурыў жойбары бар. Биринши басқышты усы жылдың декабрь айының ақырына шекем пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген. Бул объект "Өзбекстан - 2030" стратегиясында қайта тиклениўши энергия дәреклерин 25 мың мегаваттқа ҳәм олардың улыўма тутыныўдағы үлесин 40 процентке жеткериў бойынша белгиленген мақсетлерге ерисиў жолында әҳмийетли қәдем болып есапланады.

    Сондай-ақ, корпорацияның қатнасыўында мәмлекетимиздиң химия санаатындағы ески насос станциялары басқышпа-басқыш заманагөй, жоқары нәтийжели агрегатлар менен алмастырылмақта. Усы жылы «Navoiyazot» АЖда насос агрегатларын орнатыў жойбарының биринши басқышы шеңберинде жылдың ақырына шекем 6 насос толық алмастырылады ҳәм нәтийжеде 11 миллион кВт саат электр энергиясы үнемленеди.

    Сондай-ақ, Наўайы қаласындағы кәрханада аммиаклы селитра ислеп шығарыўды реконструкциялаў ҳәм жаңа экологиялық қәўипсиз технологияларды енгизиў нәзерде тутылған.

    Тәреплер жойбар шеңбериндеги жумыслардың барысы, күтилип атырған нәтийжелер ҳәм нәтийжелилик бойынша пикир алысты. Орнатылған исенимли сөйлесиў энергия нәтийжелилиги ҳәм санаат инжиниринги тараўларындағы бирге ислесиўди және де беккемлеў имканиятын береди.

    Дилфуза Ғуломова.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates