Атап айтқанда, елимиздиң раўажланыў жылнамасында өзинен жарқын из қалдырған белгили илимпазлар, жазыўшы ҳәм ойшыллар, белгили ҳүкимдар ҳәм сәркардалардың ибратлы өмири ҳәм жумысын илим, әдебият ҳәм көркем өнер қураллары арқалы кеңнен сәўлелендириў, усы тәризде жасларымызды ата-бабалар мийрасына ҳүрмет ҳәм садықлық, жоқары ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў жолында әҳмийетли илажлар көрилмекте.

Бул бағдарда кино көркем өнериниң тәсиршең ҳәм тартымлы күшинен үнемли пайдаланылмақта. Усы мақсетте Президентимиздиң 2024-жыл 5-июньдеги "Кинематография тараўын буннан былай да раўажландырыў және елимиздиң тарийхына бағышланған фильмлер дүркинин жаратыўға байланыслы илажлар ҳаққында"ғы қарары турмысқа енгизилмекте.

Қарарға тийкарланып "Тири тарийх" атамасындағы ири жойбар шеңберинде миллий кино көркем өнеримиз тарийхында биринши мәрте көркем, көркем-публицистикалық, қысқа метражлы, ҳүжжетли, анимациялық фильм ҳәм сериаллардан ибарат жәми 54 кино дөретпелер жаратыў үстинде кең көлемли жумыслар орынланбақта. Бул фильмлерде халқымыздың әййемги мәмлекетшилик тарийхы, бай мәдениятымыз, әзелий қәдирият ҳәм дәстүрлеримиз, дүнья цивилизациясының раўажланыўына умытылмас үлес қосқан уллы ата-бабаларымыздың көп қырлы турмысы ҳәм бийбаҳа мийрасын толық сәўлелендириў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленген.

Бул бағдарда басланған жумыслар дәслепки нәтийжелерин бере баслады. Өткен жылы "Баҳодир Ялангтош", "Махтумқули Фироғий", "Ажинияз" көркем фильмлери тамашагөйлерге усынылды ҳәм жәмийетшиликтиң тән алыўына еристи. Ҳәзирги ўақытта және бир неше картинаны сүўретке түсириў, монтажлаў ҳәм даўыс бериў процеси даўам етпекте.

Усы жылы 20-август күни пайтахтымыздағы “Renessans” кино үйинде "Тири тарийх" бағдарламасы бойынша сүўретке алынған және бир кең көлемли кино дөретпе - "Уллы Әмир ҳәм донна Мария" тарийхый көркем фильминиң жәмийетлик көргизбеси болып өтти. Илажда белгили мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, жәмийетшилик ўәкиллери, тарийхшы илимпазлар, дөретиўши зыялылар, сырт елли мийманлар, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Кинематография агентлигиниң буйыртпасына тийкарланып "Өзбекфильм" киноконцерни ҳәм Түркияның “Kanguru” кинокомпаниясы менен биргеликте сүўретке алынған бул фильмде Саҳыпқыран Әмир Темурдың өмири ҳәм жумысының усы ўақытқа шекем көпшиликке белгисиз болған ибратлы тәреплери ҳаққында сөз етиледи.

Пүткил дүньяға белгили жумысы менен өз дәўириниң сиясий-экономикалық, социаллық-мәдений турмысына үлкен тәсир көрсеткен уллы Әмир Темур ҳақылы түрде адамзат тарийхындағы ең белгили мәмлекетлик ғайраткерлерден бири, жеңилмес сәркарда, данышпан дөретиўши, илим ҳәм мәденияттың қәўендери сыпатында тән алынады. Сол себепли, уллы бабамыз ҳаққында түрли мәмлекетлерде көплеген илимий-көркем китаплар, пьеса ҳәм фильмлер, сүўретлеў өнери шығармалары жаратылған. Өзбек ҳәм түрк кино шеберлери тәрепинен сүўретке алынған жаңа фильмде де Саҳыпқыранниң әне усындай пазыйлетлери, "Күш - әдилликте" деген турмыслық принципти беккемлеў жолындағы ҳәрекетлери, бабамыздың тәбиятына тән теңсиз күш-ғайрат пенен бирге кеширимлилик, кеңпейиллик, мийрим-шәпәәт сыяқлы өзгешеликлер тәсиршең көркем қураллар арқалы ашып берилген.

Белгили жазыўшы Хайриддин Султанның әдебий сценарийси тийкарында жаратылған "Уллы Әмир ҳәм донна Мария" көркем фильми, бәринен бурын, қурамалы сюжет линиясы, теманың оригинал талқылаўы, тарийх ҳәм бүгинги күнниң ўақыяларын үйлесимли ҳәм биргеликте көркем сәўлелендириўи, драмалық интригаларға байлығы менен тамашагөйлер дыққатын тартады.

Фильм ўақыялары бир ўақыттың өзинде еки параллель бағдарда жедел раўажланып барады. Онда узақ өтмиш ҳәм заманагөй турмыс көринислериниң тәкирарланбас сүўрети бир-бирин тәбийғый түрде толықтырады. Фильмди тамаша еткен ағартыўшы тамашагөй инсан руўхый дүньясының шексиз ҳәм сырлы шегаралары ҳаққында, әўладлар арасындағы тығыз байланыслар, бул дүньяда қашанлардур жүз берген бир ўақыя-ҳәдийсениң ҳеш қашан изсиз кетпеўи ҳаққында философиялық пикир жүргизеди.

Фильмдеги тийкарғы роллерди Жорабек Арзиев, Элбек Файзиев, Көпжүрсин Алланазаров, Ўлмас Ўраев, Зилола Искандарова, Баҳодир Болтаев (Өзбекстан), Закиржан Базаров (Түркменстан), Жессика Мэй (Бразилия), Ник Корнуолл, Роберт Льюис (Уллы Британия), Хуан Касильяс, Оскар Форонда (Испания), Жованни Лелли, Билли Бозз (Италия), Майкл Митчелл (АҚШ), Эппо Вортман (Нидерландия), Кэнго Саито (Франция), Юнус Таха Карааслан, Нурай Эркол, Ясемин Язучи, Фатиҳ Йилмаз, Ҳайдар Койел (Түркия) сыяқлы шебер актёрлар атқарған.

Сүўретке алыў жумыслары Түркия ҳәм Өзбекстан аймағында алып барылған. Бул ири халықаралық дөретиўшилик жойбарды табыслы әмелге асырыўда және көплеген жергиликли ҳәм сырт ел кино қәнигелери, художник ҳәм операторлар, дизайнерлер, компьютер графикасы шеберлери, продюсер ҳәм каскадёрлардың да мүнәсип хызмети бар.

Бул фильм "Қар қойнында лала", "Арзыў артында", "Шашма", "Аўған", "Фариданың еки мың қосығы", "Жемирилиў" сыяқлы кино дөретпелери менен даңққа ерискен талантлы кинорежиссёр, Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Ёлқин Тўйчиев тәрепинен сүўретке алынған.

Көркемлик жақтан жетекшиси - белгили кинорежиссёр, Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Жаҳонгир Қосимов. Оператор - Рустам Муродов, художник - Шамшетдин Ибраймов, композитор - Қосим Муинов.

Дөретиўшилик топар қурамында, сондай-ақ, Шуҳрат Ризаев, Фирдавс Абдухолиқов, Олимжон Давлатов, Фахриёр, Хосият Бобомуродова, Ҳамидулла Дадабоев, Севара Назархон, Хуршид Файзиев сыяқлы белгили жазыўшы ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, редактор ҳәм аўдармашылар, темуртаныўшы илимпазлар дөретиўшилик жумыс алып барған.

Қысқасы, мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 34 жыллық байрамына мүнәсип саўға сыпатында жаратылған "Уллы Әмир ҳәм донна Мария" көркем фильми миллий кино көркем өнеримиздиң раўажланыўында жаңа бет ашатуғынына гүман жоқ.

Өз хабаршымыз