баннер
2 Apr 2025
06:42

    «Универсиада-2024»: Гандбол ойынлары қызғын өтпекте

    Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жоқары оқыў орынларының студент-жаслары (ерлер) арасында гандбол бойынша “Универсиада-2024” спорт жарысларының республикалық басқышы болып өтпекте.

    Жарысқа Ташкент қаласы, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм барлық ўәләятлардан келген 13 команда жеңимпазлық ушын өз-ара гүрес алып бармақта.

    Кеше командалар арасында 1-тур ойынлары болып өтти.

    Онда Ташкент қаласы гандболшылары Хорезм ўәлаяты командасын 41-35, самарқандлылар бухаралыларды 38-34, Ташкент ўәлаяты командасы ферғаналы жасларды 37:32, әндижанлылар жиззақлыларды 40:27 есабында жеңип шыққан болса, Наманган ҳәм Сырдәрья ўәлаяты командалары арасындағы ойын 40:40 есабы менен жуўмақланды.

    Қашқадәрья ўәлаяты командасы жарысқа келмегени ушын Наўайы ўәлаяты командасына 10:0 есабындағы жеңис жазылды.

    Ал, бүгин өткерилген ойынларда болса, қарақалпақстанлы гандболшылар Бухара ўәлаяты командасы менен ушырасып, оларды 33:23 есабында жеңип шығыўға еристи.

    Буннан басқа бүгин өткерилген ойынларда төмендегише нәтийжелер менен жуўмақланды:

    Наўайы-Ташкент ўәлаяты 23:36, Ферғана-Қашқадәрья 10:0, Хорезм-Сурхандәрья 20:32, Сырдәрья-Жиззақ 38:34, Әндижан-Наманган 35:33.

    Ертең саат 11:00 де республикамыз командасы Самарқанд ўәлаяты командасы менен ушырасады.

    Адилбай Оразов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech