баннер
2 Apr 2025
02:27

    «Универсиада-2024»: Командамыз ярым финалда беллеседи

    Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жоқары оқыў орынларының студент-жаслары (ерлер) арасында гандбол бойынша “Универсиада-2024” спорт жарысларының республикалық басқышы болып өтпекте.

    Бүгин командалар шерек финал ойынларында қатнасып, онда республикамыз спортшылары самарқандлы гандболшыларды 31:22 есабында жеңип шығыўға еристи.

    Ал, Ташкент қаласы командасы болса, Сурхандәрья ўәлаяты командасына 36:40, Наўайы ўәлаяты гандболшылары ферғаналы жасларға 26:37, әндижанлылар Сырдәрья ўәлаяты командасына 33:34, жизаққлылар наманганлыларға 28:24 есабында жеңилип қалды.

    Ертең жарыстың ярым финал ойынлары болып өтеди.

    Атап айтқанда, Нөкис ўақты менен саат 9:00 де Ташкент ўәлаяты Әндижан командасы менен ушырасса, республикамыз командасы

    Сурхандәрья ўәлаяты командасы менен финал жолламасы ушын өз-ара ойынға түседи.

    Адилбай Оразов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшыс.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech