Ҳүжжет арнаўлы жүклердиң ҳәм әскерий бөлимлердиң Өзбекстан аймағы арқалы транзити ушын рухсатнама бериў тәртибин әпиўайыластырыў, сондай-ақ, климат өзгериўи менен байланыслы тәбийғый апатшылықлар қәўпин азайтыў, айрықша жағдайлар нәтийжесинде жеткерилген зыянды баҳалаў механизмин анық белгилеўге қаратылған.
Атап айтқанда, "Арнаўлы жүклер ҳәм әскерий контингентлердиң транзити ҳаққында"ғы нызамға өзгерислер киргизилмекте. Оларда арнаўлы жүклер ҳәм әскерий бөлимлердиң транзити ушын рухсатнама бериў ҳаққында қарар қабыл етиў мүддетин арза келип түскен күннен баслап 30 күннен 20 күнге шекем қысқартыў нәзерде тутылмақта. Қосымша тексериў, қосымша ҳүжжетлерди усыныў зәрүр болған жағдайда бул мүддет 10 күнге шекем создырылыўы мүмкин. Транзит рухсатнамасының әмел етиў мүддети 30 күннен 90 күнге шекем созылады.
Сондай-ақ, нызам менен "Халықты ҳәм аймақларды тәбийғый ҳәм техноген характердеги айрықша жағдайлардан қорғаў ҳаққында"ғы нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте. Олар төмендегилерге ўәкилликли республикалық ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының ўазыйпаларын белгилейди:
айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў;
халықты ҳәм аймақларды тәбийғый ҳәм техноген характердеги айрықша жағдайлардан ҳәм климат өзгериўи менен байланыслы болған тәбийғый апатшылықлардан қорғаў;
Айрықша жағдайлар ақыбетинде жеткерилген зыянды баҳалаў.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 23.10.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».








