Оған бола, усы жумыс ҳәптеси даўамында Өзбекстан аймағы бойынша ҳаўа бираз бултлы, айырым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди.

Ҳаўа температурасы әсте-ақырын көтерилиўи даўам етеди. Бүгин күндиз республика аймағының үлкен бөлиминде температура 30-35 дәреже әтирапында, қублада ҳәм шөл аймақларда 38 дәрежеге шекем болады, ҳәпте ортасына келип болса ҳаўа 36-39 дәрежеге шекем, қублада 42 дәрежеге шекем ысыйды.

Республиканың арқасында бүгин ҳәм ертең ҳаўа температурасы 38-40 дәреже болған ең ыссы ҳаўа райы болыўы күтилмекте, сәршембиден баслап температура әсте-ақырын 32-37 дәрежеге шекем төменлей баслайды.

3-4-июньда арқада ҳәм шөл аймақларда, 4-июньда республика бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы күтилмекте.

Ташкентте: ҳаўа алағат бултласып, жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи. Температура бүгин 30-32 градус, ертең 33-35 градус, сәршемби ҳәм пийшемби күнлери 35-38 градус болады.