Агентликке бола, 16-17-июньда Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаятында, 17-19-июньда Өзбекстанның қалған аймақларында ҳаўа температурасы күндизги ўақытлары 40-42 дәрежеге шекем, қублада ҳәм шөл аймақларында айырым жерлерде 43-44 дәрежеге шекем көтериледи. Түнлерде де ҳаўа қапырық болады. Тек азанғы саатларда температура 24-27 дәрежеге шекем бираз төменлейди.

Ҳәпте ақырында температура бираз төменлейди, аймақтың үлкен бөлиминде күндизги ҳаўа температурасы 35-38 градус, қублада 39-41 градус әтирапында болады. Усы күнлерде Өзбекстан бойынша тийкарынан аз бултлы ҳаўа-райы бақланады.

Республика бойынша самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы күтилмекте.

16-18-июнь күнлери арқада ҳәм шөл аймақларда, 19-21-июньда республиканың көпшилик ўәлаятларында айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы күтилмекте.

Таўлы аймақларда 20-июнь күни айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама бақланады.

Ташкентте: тийкарынан аз бултлы ҳаўа райы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Температура бүгин күндиз 36-38 градус, 17-19-июньда 38-41 градусқа шекем, 20-июньда 35-37 градус болады.