Бул ҳаққында Шығындыларды басқарыў ҳәм айланба экономиканы раўажландырыў агентлиги мәлим етти.

Берилген бес күнлик мүддет даўамында тутыныўшылар тәрепинен 7,4 млрд сум муғдарында төлемлер әмелге асырылған болса да, қарыздарлықты төлемеген абонентлерге нызамшылық шеклеўлери қолланыла басланды.

Атап айтқанда, республикамызда 14,8 миллиард сум қарыздарлығы болған 151 202 абоненттиң электр энергиясы ушын төлемлери бойынша ўақытша шеклеўлер орнатылды. Атап өтиў керек, бул шеклеў шығындыларды утилизациялаў бойынша қарыздарлық толық сапластырылғаннан соң ғана бийкар етиледи.

Бул тәртип 2025-жыл 30-июньға шекем болған ески қарыздарлыққа енгизилмейди. 2025-жыл 1-июльден пайда болған қарыздарлықларға усы жылдың 5-ноябринен шеклеўлер қолланыла басланды.