Жумыс бериўшиниң атап өтиўинше, жумыс көлеминиң өсиўи себепли компания
қосымша кадрларға мүтәжлик сезбекте ҳәм 15 Өзбекстан пуқарасын жумысқа қабыл
етиўге таяр. Айлық мийнет ҳақысы 100 мыңнан 150 мың рубльге шекем болады, деп
жазады "Дунё" МА.
Сондай-ақ, компания Россияда нызамлы болыў ушын зәрүр ҳүжжетлер,
жатақхана ҳәм хызметкерлердиң аўқатланыў қәрежетлерин толық қаплаўға таяр
екенин билдирди.
Ушырасыў
даўамында Бас консуллық ўәкиллери шөлкемлескен ҳалда жумысқа орналастырыў ҳәм
зәрүр ҳүжжетлер бойынша талапларды түсиндирди. Буннан соң дипломатлар кәрханада
жумыс ислеп атырған ўатанласларымыз бенен ашық сәўбетлесип, олардың
консуллық-ҳуқықый сораўларына жуўап берди.
Россия
нызамшылығына әмел етиў, экстремизм, терроризм ҳәм нәшебентлик затлардың
нызамсыз айланысына тартылыўдың алдын алыў, аймақларда дрон ҳүжимлериниң
көбейиўи фонында қәўипсизлик қағыйдаларына айрықша итибар қаратылды.