UzAuto Motors "Damas" ҳәм "Cobalt"тың жаңаланған түрлерин ислеп шығарыўды жолға қояды

    13 қазан 2025 3278

    «UzAuto Motors» АЖ модель қатарын жаңалаў ҳәм ислеп шығарылып атырған өнимлерди модернизациялаў бойынша стратегиялық бағдарламаны әмелге асырыўды даўам еттирмекте. Бул илажлар Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылдың май айында Хорезм ўәлаятына сапары ўақтында берилген тапсырмалар шеңберинде әмелге асырылмақта. Автомобиллердиң жаңа моделлерин иске қосыў, барларын жаңалаў ҳәм "Хорезм Авто" кәрханасының өндирислик қуўатлылықларын кеңейтиў тийкарғы ўазыйпалар сыпатында белгиленди.

    Жаңа қуўатлықларда киши бизнес ҳәм жеке меншик қарыйдарлардың талапларынан келип шығып ислеп шығарылған Damas минивэниниң жетилистирилген түрин ислеп шығарыў жолға қойылады. Жаңа Damas өзиниң ықшамлығы, үнемлилиги ҳәм сыйымы артқаны менен ажыралып турады, бул оны қалада ҳәрекетлениў ҳәм коммерциялық пайдаланыў ушын қолайлы етеди.

    Олардың тийкарғы өзгешеликлери қатарында үлкен өлшемлер, жоқары жүк көтериўшеңлик, ишки кеңислик, айдаўшы ҳәм жолаўшылардың қолайлылығы сыяқлыларды атап өтиў зәрүр.

    Модел еки түрде ислеп шығарылады: Damas Move жолаўшы ҳәм Damas Мах жүк жолаўшы. Жаңа әўлад ҳәзирги версиясы менен параллель түрде ислеп шығарылады, бул болса қарыйдарлар ушын жаңаланған модель ҳәм сыналған классикалық комплектация арасында кең таңлаў имканиятын береди.

    Модел қатарын кеңейтиў менен бир қатарда, кәрхана базарда ең көп талап етилетуғын моделлерден бири - Chevrolet Cobaltты кең көлемли модернизациялаўды әмелге асырды. Жаңаланған модификациялар жақсыланған қолайлық, кеңейтилген функциялар топламы, заманагөй технологиялар ҳәм жоқары қәўипсизлик дәрежеси менен ажыралып турады.

    Жаңа версиялардың ислеп шығылыўы Өзбекстан, Қазақстан, Әзербайжан ҳәм басқа да експорт етиўши мәмлекетлерде өткерилген сораўнамалар нәтийжелерине жуўап болды. Респондентлердиң 90 проценттен асламы завод комплектлеўин кеңейтиў ҳәм заманагөй функцияларды енгизиў зәрүрлигин атап өткен. Нәтийжеде автомобиль алдын пайдаланыў мүмкин болмаған 12 жаңа имканиятқа ийе болды. Олар арасында: Android Auto ҳәм Apple CarPlay қоллап-қуўатлайтуғын сенсорлы мультимедия системасы, круиз-басқарыў, экотери отырғышлар, алдынғы орынлықларды ысытыў, жаңа әсбаплар панели, орнатылған басқарыў органларына ийе руль, интерьердиң декоратив элементлери бар. Жәми 50 ден аслам тийкарғы компонентлер жаңаланды.

    Буннан тысқары, двигатель модернизацияланып, АВS системасы жетилистирилди, двигатель ҳәм оның менен байланыслы системаларды басқарыўдың жаңа блогы орнатылды, қәўипсизлик көпшиги ҳәм қорғаў функцияларын басқарыўдың заманагөй блоклары, жаңа әўлад диагностикалаў модули енгизилди.

    Моделди раўажландырыўдағы кейинги қәдем автомобилдиң сыртқы көринисин жаңалаў (фейслифт) болады, «UzAuto Motors» қәнигелери бул бойынша жумысларды баслап жиберген.

    "Cobalt"тың жаңа модификацияларын ислеп шығарыў бар комплектацияларын ислеп шығарыў менен параллель түрде шөлкемлестирилген. Енди моделдиң үскенелери ҳәм функциялары менен өзгешеленетуғын төрт версиясы сатып алыўшыларға усынылады. Баҳасы ҳәм сатыўдың басланыў мүддетлери ҳаққында қосымша мағлыўмат бериледи.