Өзбекстан AIIBның региондағы ең ири шериги болып қалып атырғаны атап өтилди: Банктиң Орайлық Азиядағы операцияларының 51 проценти елимизге туўра келеди, операциялар көлеми бойынша дүнья рейтингинде болса 6-орынды ийелейди.
Ҳәзирги ўақытта биргеликтеги жойбарлар портфели 7 миллиард доллардан артты. 2024-жылы Самарқандта AIIB Басқарыўшылар кеңесиниң 6-мәжилиси болып өтти.
Тәреплер 2030-жылға шекем бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын додалады: жеке меншик секторды субсидиясыз қаржыландырыўды кеңейтиў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын қоллап-қуўатлаў, "жасыл" энергетиканы раўажландырыў ҳәм "Кәмбағаллықтан абаданлыққа" бағдарламасын әмелге асырыў.
Лазиз Қудратов AIIB Президентин 2026-жыл 16-19-июнь күнлери болып өтетуғын Ташкент халықаралық инвестициялық форумында қатнасыўға мирәт етти.