Тәреплер еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўден өз-ара мәпдар екенин тастыйықлады ҳәм бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ушын үлкен потенциал бар екенин атап өтти. Соңғы бес жылда товар алмасыў дерлик тоғыз есеге артқаны айрықша атап өтилди. Сондай-ақ, Жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисим де қол қойыў ушын таярланған.
Исбилерменлик байланысларын жеделлестириў, қоспа көргизбелер өткериў ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң жумысын жолға қойыўға айрықша итибар қаратылды.
Мәжилис қатнасыўшылары санаат кооперациясы, жер астынан пайдаланыў, химия тармағы, аўыл хожалығы, логистика ҳәм фармацевтика тараўларындағы перспективалы жойбарларды додалады. Транспорт байланысларын раўажландырыў, телемедицинаны енгизиў, қоспа кәрханалар шөлкемлестириў ҳәм визасыз тәртип тийкарында туристлик алмасыўды кеңейтиўге итибар қаратылды.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер ерисилген келисимлер Өзбекстан-Иордания шериклигине қосымша пәт бағышлайтуғынына исеним билдирди.