Илаждың тийкарғы ўазыйпасы жергиликли базардағы жумыс процесинде инвесторларда пайда болатуғын мәселелерди жедел шешиўден ибарат болды.

Сөйлесиўде ACWA Power, Masdar, Vision Invest, DataVolt, Saudi Tabreed, TAQA WS, Metito Utilities сыяқлы ири корпорациялардың ўәкиллери қатнасты.

Тәреплер қоспа басламаларды әмелге асырыўдың әҳмийетли мәселелерин ҳәр тәреплеме көрип шығып, салықтан хошаметлеў илажлары ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин жетилистириўге айрықша итибар қаратты. Әмелдеги жойбарлардың финанслық-экономикалық параметрлери талланып, олардың нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў ушын тәртипке салыў орталығын оптималластырыў жоллары белгиленди.

Буннан тысқары, тәреплер техникалық ҳәм транспорт инфраструктурасын раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелерине тоқтап өтти. Додалаў процесинде пайтахт ҳәм аймақларда инвестициялық басламаларды турақлы әмелге асырыў имканиятын беретуғын қала қурылысы регламентлери ҳәм жаңа қуўатлықларды бирден-бир тармаққа интеграциялаў шәртлери көрип шығылды.

Ушырасыў жуўмағында жумысшы топарлар дүзилип, инвестициялық орталықты жақсылаў бойынша нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў илажлары белгиленди.