Түркия холдингиниң автомобиль бөлими Коджаэли заводында жылына дерлик 4 мың дана автобус, мидибус ҳәм жеңил жүк машиналарын ислеп шығарады. Өнимлер 40-45 тен аслам мәмлекетке экспорт етилип, компания Түркиядағы ең ири мидибус экспорт етиўшилеринен бири болып есапланады. Буннан тысқары, холдинг автобус ҳәм жүк машиналарын ислеп шығарыўшы SamAuto акцияларының 75,2 процентин сатып алды.
Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер SamAuto кәрханасының бүгинги жумыс нәтийжелери, сондай-ақ, оны буннан былай да раўажландырыўдың перспективалы бағдарларын додалады. Автомобиль санаатында бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм қоспа жойбарларды әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ, өндиристи раўажландырыў, соның ишинде, кәрхананы модернизациялаў, өндирис қуўатлықларын кеңейтиў ҳәм SamAuto тийкарында жаңа түрдеги өнимлерди ислеп шығарыў бойынша гезектеги илажлар көрип шығылды.