"Австрия Республикасының Европа ҳәм халықаралық ислер федерал министри Беата Майнл-Райзингер ҳәм ишки ислер федерал министри Герхард Карнер менен сөйлесиўлер жуўмағында бир қатар еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойылды.

Атап айтқанда, Еки тәреплеме салыққа тартыўдың алдын алыў және дәрамат ҳәм мүлк салықларын төлеўден бас тартыўдың алдын алыў ҳаққындағы конвенцияға өзгерислер киргизиў ҳаққында протокол ҳәм қосымша протокол, Миграция ҳәм мобиллик тараўындағы шериклик ҳаққындағы келисим, Дипломатиялық паспорт ийелерин виза талапларынан азат етиў ҳаққындағы келисим қабыл етилди.

Ерисилген келисимлер Өзбекстан ҳәм Австрия арасындағы әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, өз-ара исенимди беккемлеў ҳәм жаңа биргеликтеги басламаларды алға қойыўға хызмет ететуғынына исенимим кәмил," - деп жазған Өзбекстан СИМ басшысы telegram-каналында.