Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы көп қырлы
бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды.
Тойво Клаар Европа Аўқамы Өзбекстанда әмелге асырылып
атырған кең көлемли реформалар ҳәм парламентлераралық қарым-қатнасты
раўажландырыў бағдарындағы басламаларды жоқары баҳалайтуғынын атап өтти.
Тәреплер Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы
келисимниң толық күшке кириўи еки тәреплеме қатнасықларды жаңа басқышқа алып
шығатуғынына исеним билдирди ҳәм оны ЕАға ағза мәмлекетлер парламентлери
тәрепинен тез ўақыт ишинде ратификациялаў әҳмийетли екенин атап өтти.
Парламентлераралық бирге ислесиўди кеңейтиў, атап айтқанда, «Inter Pares» жойбары
шеңбериндеги биргеликтеги басламаларды даўам еттириў мәселелерине де итибар
қаратылды.
Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы ашық ҳәм
конструктивлик сөйлесиўди избе-из даўам еттириў, парламентлераралық
байланысларды және де жеделлестириў, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жаңа әмелий
жойбарлар менен байытыў бойынша пикир алысылды.