Ушырасыўда тәреплер Өзбекстан-Франция университетиниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм оның потенциалынан толық пайдаланыўға айрықша итибар қаратқан ҳалда жоқары билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелерин додалады.

Профессионал билимлендириў системасында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, заманагөй экономика талап етип атырған әмелий қәнигелерди таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, илимий тараўдағы бирге ислесиўди кеңейтиў, изертлеўлер өткериў, биргеликтеги илимий жойбарларды әмелге асырыў ҳәм академиялық алмасыў бағдарламаларын буннан былай да раўажландырыў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Сөйлесиў жуўмағында тәреплер билимлендириў, илим ҳәм инновациялар тараўындағы бирге ислесиўди және де тереңлестириўге қаратылған тийкарғы ўазыйпаларды белгилеп алды.