Қол қойылған ҳүжжет халықаралық мультимодал тасыўларды раўажландырыў, жаңа логистика жөнелислерин жаратыў, контейнер тасыўлар көлемин арттырыў, сондай-ақ, Ҳиндстан, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Европа арасында Өзбекстан аймағы арқалы транзит имканиятларын кеңейтиўге қаратылған.
Буннан тысқары, тәреплер жүк ағымларын диверсификациялаў, заманагөй логистика инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм транспорт-логистика тараўына санлы технологияларды енгизиў бағдарындағы бирге ислесиўди беккемлеўге таяр екенин билдирди.









