Өзбекстан ҳәм Индонезия дәри-дәрмақлардың сапасын қадағалаў бойынша меморандумға қол қойды

    Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтика өнимлериниң қәўипсизлиги орайының директоры Алишер Темиров ҳәм Индонезияның Азық-аўқат ҳәм дәри-дәрмақларды қадағалаў агентлиги басшысы Таруна Икрар арасында онлайн ушырасыў болып өтти.

    Ушырасыўда еки мәмлекеттиң фармацевтика тараўындағы жетискенликлери, дәри қураллары ҳәм медициналық техникалардың сапасын қадағалаўға байланыслы жаңа көзқараслар, метрология бойынша пикир алысылды ҳәм келеси бирге ислесиў перспективалары додаланды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

    Ушырасыўда Таруна Икрар медицина илиминиң тийкарын салыўшы Ибн Сино туўылған Өзбекстан менен бирге ислесиўди кеңейтиўден Индонезия ҳүкимети мәпдар екенин атап өтти. Индонезияның Азық-аўқат ҳәм дәри-дәрмақларды қадағалаў агентлигиниң ўәкили фармацевтика тараўында бирге ислесиўди кеңейтиў ушын үлкен потенциал бар екенин атап өтип, қоспа бағдарламалар ислеп шығыў ҳәм тәжирийбе алмасыўды усыныс етти.

    Еки мәмлекетте ислеп шығарылып атырған дәри қураллары ҳәм медициналық буйымларды сертификатластырыў процесин әпиўайыластырыў мақсетинде әмелдеги стандартлар ҳәм талаплар ҳаққында турақлы мәлимлеме алмасыў, усы түрдеги товарлардың қәўипсизлигин қадағалаў бойынша тәжирийбе алмасыў, тараў қәнигелериниң маманлығын арттырыў сыяқлы бағдарларда бирге ислесиўди жолға қойыўға келисип алынды.

    Сондай-ақ, Индонезияның Азық-аўқат ҳәм дәри-дәрмақларды қадағалаў агентлигиниң жумысы, мәмлекетимизде өнимлерди қадағалаў ҳәм лицензиялаў системасы таныстырылды. Еки ведомство арасында тығыз бирге ислесиўдиң жолға қойылыўы дүнья базарларында талап жоқары болған дәри-дәрмақ қуралларын ислеп шығарыўға қәнигелескен заманагөй фармацевтика кәрханаларын қурыў жойбарларын әмелге асырыў ушын кең имканиятлар ашатуғыны атап өтилди.

    Илаж соңында Фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги орайы ҳәм Индонезияның Азық-аўқат ҳәм дәри-дәрмақларды қадағалаў агентлиги арасында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылды.