Бизге белгили, Ташкент қаласы ҳәм 15 тәжирийбе район (қала) ларында басқышпа-басқыш "Электрон рецепт" системасы енгизилмекте. Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен тастыйықланған дизимге муўапық, дәри-дәрмақлардың бир бөлеги тек ғана шыпакердиң рецептине бола сатылады.

Халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде my.gov.uz порталында "Рецепт пенен ҳәм рецептсиз берилетуғын дәри қураллары ҳаққында мағлыўмат" хызмети жолға қойылды.

Хызметтен пайдаланыў ушын:

зәрүр дәри-дәрмақ атамасын киргизиў;

рецепт бойынша ямаса рецептсиз берилиўи ҳаққында мағлыўмат алыў.

Жаңа хызмет дәри-дәрмақларды бериў қағыйдаларын тез анықлаў ҳәм сатып алыўда артықша ўақыттың алдын алыў имканиятын береди.