Өзбекстан ҳәм InnoBiz Кореа инновациялар ҳәм стартапларды қоллап-қуўатлаў тараўында биргеликтеги жойбарларды басламақта

    Бизнес 14 қазан 2025 3859

    13-октябрь күни Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигинде департамент директоры Алишер Мурсалиев ҳәм "InnoBiz Association Korea" компаниясының директоры Сеунг Кю Оҳ басшылығындағы делегация арасында ушырасыў болып өтти.

    Инновациялар, санластырыў, киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў тараўларында бирге ислесиў перспективалары, еки мәмлекет кәрханаларының технологиялық потенциалын беккемлеў ҳәм тәжирийбе алмасыў бойынша биргеликтеги жойбарларды баслаў мәселелери додаланды.

    Ушырасыў шеңберинде Өзбекстан Республикасы ҳәм Корея Республикасының "INNOBIZ" ассоциациясы арасында биргеликтеги инновациялық басламаларды әмелге асырыў, стартапларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шериклик байланысларын кеңейтиўди нәзерде тутатуғын нийетлер протоколына қол қойылды.

    Мағлыўмат ушын: InnoBiz Association - Киши ҳәм орта кәрханалар ҳәм стартаплар министрлигиниң жәрдеминде шөлкемлестирилген Кореяның киши ҳәм орта кәрханалардың технологиялық инновациялар ассоциациясы. Шөлкем алдынғы компанияларды бирлестиреди, технологияларды енгизиў, экспортты раўажландырыў ҳәм бизнестиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға жәрдемлеседи. INNOBIZ сертификаты кәрхананың жоқары технологиялық дәрежесин тастыйықлайды ҳәм мәмлекетлик қоллап-қуўатлаў бағдарламаларынан пайдаланыў имканиятын береди. Ассоциация илимий-техникалық жойбарларды жедел әмелге асырмақта, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырмақта ҳәм экологиялық турақлы шешимлерди алға қоймақта.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates