Сөйлесиўлерде аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, Италия компаниялары менен биргеликтеги инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, илимий изертлеўлер ҳәм кадрлар таярлаў бойынша тәжирийбе алмасыў мәселелери додаланды.
Тәреплер Өзбекстан ҳәм Италия арасындағы аўыл хожалығы тараўындағы қатнасықлар избе-из раўажланып атырғанын атап өтип, бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға таяр екенин билдирди.








