Өзбекстан ҳәм KDHC ыссылық тәмийнаты ҳәм қайта тиклениўши энергетика тараўындағы жойбарларды додалады

    13 қыркүйек 2025 852

    Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов 12-сентябрь күни Korea District Heating Corporation (KDHC) мәмлекетлик корпорациясы басқарма баслығы Чон Ён Ги басшылығындағы делегация менен ушырасыў өткерди.

    1985-жылы шөлкемлестирилген KDHC Корея Республикасының орайласқан ыссылық тәмийнаты, когенерация, суўытыў ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин енгизиў тараўындағы ең ири мәмлекетлик компаниясы болып есапланады. Бүгинги күнде корпорация 2 миллионнан аслам шаңарақ ҳәм шөлкемлерди энергия менен тәмийинлемекте.

    Сөйлесиўлерде бирге ислесиўдиң үш тийкарғы бағдары - Зарафшан қаласында ыссылық тәмийнаты системасын модернизациялаў, Жиззақ ўәлаятында биоэнергетика комплексин қурыў, "Жаңа Ташкент" жойбары шеңберинде заманагөй шешимлерди енгизиў мәселелери көрип шығылды.

    Тәреплер мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлери ҳәм мүмкин болған қаржыландырыў моделлерин де додалады.

    Басламаларды биргеликте ислеп шығыўды даўам еттириўге келисип алынды. Жойбарлардың әмелге асырылыўы ыссылық тәмийнатының заманагөй системасын жаратыў, энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳәм Өзбекстан менен Корея Республикасы арасындағы инвестициялық бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етеди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates