Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер қайта тиклениўши энергетика тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў перспективаларын, сондай-ақ, Өзбекстан аймағындағы инвестициялық жойбарларды кредитлеў ҳәм қамсызландырыў мәселелерин додалады.

«Dongfang Electric International Corporation» компаниясы Қытайдың ең ири санаат корпорациялары қатарына киреди ҳәм толық циклли энергетика объектлерин жойбарластырыў ҳәм қурыўға қәнигелескен.

Ушырасыў жуўмағында финанслық-техникалық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм жаңа электр узатыў тармақларын қурыў тараўында бирге ислесиўди раўажландырыўға келисип алынды.